USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ҮШИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

                                    

Усы жыл 29-апрель күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үшинши сессиясы болып өтти.

 Онлайн видеобайланыс тәризинде өткен сессияға Жоқарғы Кеңес, қала ҳәм район студияларынан Олий Мажлис Сенаты ағзалары, секторлардың басшылары, ҳүкимет ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Дәслеп депутатлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслерине жоллаған усынысы менен таныстырылды.

Атап өтилгениндей, секторлар кесиминде коронавирус пандемеясының нәтийжесинде жумыссыз қалған, кем тәмийинленген шаңарақлардың дизимин турақлы түрде үйренип барыў, оларға исбилерменлер менен фермерлерди ықтыярлы рәўиште бириктириў зәрүр. «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетине қатнасқан исбилерменлерге, фермер хожалықларына мәмлекетимиз тәрепинен жеңиллик ҳәм преференциялар берилиўи шөлкемлестириледи. Усы көзқарастан қарағанда, сенаторлар ҳәм жергиликли кеңеслердиң депутатлары өзлери сайланған аймақларда усы басламаның қоллап-қуўатланыўын тәмийинлеў, пандемияға қарсы әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларды ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы кеңнен үгит-нәсиятлап барыўы керек.

Бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында  елимизде пандемия тәсирин жумсартыў бойынша айтарлықтай жумыслар алып барылмақта.  Атап айтқанда,  бул бағдарда қабыл етилген  Пәрман, қарар ҳәм ислеп шығылған бағдарламалар халықтың қәўипсизлигин,  әсиресе, экономика тармақларының басқышпа-басқыш турақлы ислеўин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе.  Усы мәселелер бойынша дүзилген арнаўлы комиссия ҳәм штаб тәрепинен елимиздеги бүгинги жағдай турақлы қадағаланып барылмақта. Әсиресе, инфекцияға шалынған наўқасларды емлеўде медицина хызметкерлериниң пидәкерлик мийнети өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Жақында қытайлы бир топар қәнигелер елимизде, соның менен бирге, бизиң республикамызда  болып, коронавирусқа шалынған наўқасларды емлеўде тәжирийбелери менен ортақласты. Олар бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша баҳа берди. Усының нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында 104 наўқастан 62 пуқара толық саўалып шықты. Бунда Денсаўлықты сақлаў, Қорғаныў, Ишки ислер, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлериниң мийнетин айрықша атап өткен орынлы.

Бүгинги сынаўлы күнлер бизиң ҳәр биримизден жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, қамбағаллықты сапластырыў бойынша қосымша илажлар көриўди талап етпектеӨзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 20-апрель күни санаат, қурылыс ҳәм инфраструктура тармақлары кәрханаларының толық жумыс ислеўин тәмийинлеў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Пандемия шараятында жумыссыз, жәрдемге мүтәжлер санының артыўын есапқа алған ҳалда, халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, мийрим-шәпәәт, ақыбет ҳәм жақсылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасын алға қойды. Әсиресе, муқаддес Рамазан айында жәрдемге мүтәж  шаңарақларға жәрдем көрсетиў, ҳәр бир исбилермен өз аймағында жәрдемге мүтәжлерди, биринши гезекте, қоңсы-қобаларын белсенди қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Еки күн даўамында қала ҳәм районларда сессиялар болып өтип, олардың күн тәтибинде усы мәселелер көрип  көрип шығылды.  Ҳәр бир аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы шаңарақлар жумысшы топар тәрепинен үйренип шығылмақта. Пандемия дәўиринде жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем бериў мақсетинде соңғы үш күнде 4 мыңнан аслам кәрхана қәўендерлик жәрдем бериў басламасы менен шықпақта. Олар тәрепинен үш ай даўамында 10  мың 646 шаңараққа 30 миллиард  сумнан зыят қайырқомлық жәрдем көрсетиў, 11 мың 594 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў бойынша усыныслары мақтаўға турарлық.

Ҳәзирги пандемия шараятында халықты, соның ишинде, ҳаял-қызлар менен жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, экономика тармақларының жумысын басқышпа-басқыш тиклеў, пуқаралардың үй қапталы қыйтақ жерлерден мақсетли пайдаланыў зәрүр. Бунда жергиликли ҳәкимликлер менен бир қатарда  депутатлар де белсендилик көрсетиўи талап етиледи.

photo_2020-04-29_23-24-40.jpg

Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе-«Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаў илажлары ҳаққында Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшылары- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Х.Каримов, Ишки ислер министри А.Темирханов, Салық басқармасының баслығы Х.Бекчановтың есабатлары тыңланды.

Қарар тийкарында секторлар кесиминде дүзилген жумыссыз ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың дизимин қәлиплестириў, оларға ықтыярлы түрде бириктирилген исбилерменлер менен фермерлерге жеңиллик берилиўин  шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасын 2019-жылда  социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәм 2020-жылғы экономикалық бағдарламаның ең әҳмийетли бағдарлары, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы додаланды. Бул бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы лаўазымына 2-санлы «А.Досназаров» сайлаў округинен депутат Зухра Реймованың кандидатурасын усынды.

Сессияда З.Реймова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы лаўазымына тастыйықланды.

Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.