Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларға муўапық ҳәм экономика тармақлары ҳәм мәмлекетлик басқарыў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм телекоммуникация тармақларын кеңейтиў арқалы республика экономикасының бәсекиге шыдамлылығын буннан былай да арттырыў мақсетинде:
- 1. Төмендегилер санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти буннан былай да раўажландырыўдың қосымша ўазыйпалары етип белгиленсин:
2023-жылға келип санлы экономиканың мәмлекеттиң жалпы ишки өниминдеги үлесин 2 есеге көбейтиўди нәзерде тутқан ҳалда, соның ишинде, өндиристи басқарыўда мәлимлеме системалары комплексин енгизиў, финанслық-хожалық жумыста есабат жүргизиўде программалық өнимлерден кеңнен пайдаланыў, сондай-ақ, технологиялық процесслерди автоматластырыў арқалы оны жедел қәлиплестириў;
2020-2021-жылларда барлық денсаўлықты сақлаў мәкемелери, мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин, сондай-ақ, аўыллар ҳәм мәҳәллелерди жоқары тезликтеги Интернет тармағына жалғаў ҳәм байланыс хызметлериниң сапасын арттырыўды нәзерде тутқан ҳалда мәмлекеттиң санлы инфраструктурасын толық модернизациялаў ҳәм заманагөй телекоммуникация хызметлеринен барлық аймақларда пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў;
2022-жылға шекем электрон мәмлекетлик хызметлердиң үлесин 60 процентке шекем жеткериўди нәзерде тутқан ҳалда мәмлекетлик мәлимлеме системаларын ҳәм ресурсларды жаратыў ҳәм интеграциялаў, мәмлекетлик мағлыўматлар базаларындағы мәлимлемелерди унификациялаў ҳәм тәртипке салыў арқалы электрон ҳүкимет системасын раўажландырыў;
программалық өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм технологиялық майданшалар жаратыў арқалы «санлы исбилерменлик»ти раўажландырыў, 2023-жылға келип усы тараўдағы хызметлердиң көлемин 3 есеге арттырыў ҳәм олардың экспортын 100 миллион долларға жеткериў;
билимлендириў системасының барлық басқышларында санлы технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм заманагөй экономика ушын зәрүр болған санлы билимлердиң дәрежесин арттырыў, билимлендириў инфраструктурасын жетилистириў, сондай-ақ, «Бес баслама» жойбарын әмелге асырыў шеңберинде 2022-жылға шекем республиканың барлық аймақларында санлы билимлерге оқытыў орайларын ашыў.
- 2. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик):
санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти раўажландырыў тараўындағы ўәкилликли уйым есапланатуғыны;
санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти раўажландырыў шеңберинде мәлимлеме системаларын, ресурсларды ҳәм басқа да программалық өнимлерди жаратыў ҳәм енгизиў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жойбарлары ҳәм техникалық ҳүжжетлери ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлериниң жойбарларын мәжбүрий экспертизадан өткеретуғыны.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигинде (кейинги орынларда – Агентлик) крипто-активлер ҳәм блокчейн технологиясын енгизиў бойынша ўәкилликлер сақлап қалынатуғыны белгиленсин.
- 3. Министрлик жанында төмендегилер:
а) «Электрон ҳүкимет жойбарларын басқарыў орайы» мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
электрон ҳүкиметти раўажландырыўда бирден-бир технологиялық көзқарасты тәмийинлеў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде санлы раўажланыўдың тийкарғы бағдарларын ислеп шығыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде орынлаў тәртибиниң бирден-бир уйымлараралық электрон системасын енгизиў;
электрон ҳүкимет тараўындағы жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў басқышларын муўапықластырыў;
б) «Санлы экономика изертлеўлери орайы» мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
экономика тармақлары ҳәм өндириске санластырыў процесслериниң тәсирин баҳалаў;
экспертлер жәмийетшилиги менен биргеликте санлы экономика ҳәм электрон ҳүкимет тараўында жаңа бағдарлар ҳәм заманагөй технологияларды терең үйрениў арқалы оларды мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде кеңнен енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
экономиканың түрли тармақларында «ақыллы» ҳәм басқа да перспективалы технологияларды, сондай-ақ, үлкен көлемдеги мағлыўматларды қайта ислеўши технологияларды енгизиўдиң концептуаллық ҳәм методикалық тийкарын қәлиплестириў.
- 4. Министрликтиң орайлық аппараты структурасында:
аграр тараўды жедел санластырыў, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларына заманагөй мәлимлеме системаларын ҳәм программалық өнимлерди енгизиў мәселелерине жуўапкер болған министрдиң орынбасары лаўазымы киргизилсин;
Аграр тараўда санлы технологияларды раўажландырыў басқармасы ҳәм Геомәлимлеме технологияларын раўажландырыў басқармасы шөлкемлестирилсин.
Усы бәнтте нәзерде тутылған министрдиң орынбасары лаўазымын киргизиў ҳәм басқармаларын шөлкемлестириў Министрликтиң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық басқармалары хызметкерлериниң улыўма шекленген саны шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 6. Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң орайлық аппараты структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги аймақлық басқармаларының үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 7. Министрлик, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Агентликтиң:
«Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор UZINFOCOM» ЖШЖның устав капиталындағы мәмлекетлик үлесин (кейинги орынларда – Бирден-бир интегратор) Министрликте бийғәрез түрде өткерип бериў;
Министрликтиң шөлкемлестириўшилик структурасындағы хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы мәмлекетлик акция пакетлерин (үлеслерин) Министрликке өткерип бериў;
Агентлик жанындағы «Электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика жойбарларын басқарыў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасының мәлимлеме системалары ҳәм басқа да аппарат-программалық комплекслерин бир ҳәпте мүддетте Министрлик жанындағы «Электрон ҳүкимет жойбарларын басқарыў орайы» мәмлекетлик мәкемесине бийғәрез түрде өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- 8. Төмендегилер:
«Электрон ҳүкимет» системасының архитектурасы 4-қосымшаға муўапық;
2020-2022-жылларда электрон ҳүкиметти буннан былай да раўажландырыў бойынша тийкарғы жойбарлардың дизими 5-қосымшаға муўапық;
2020-2022-жылларда экономиканың реал секторы тармақларында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў бойынша тийкарғы жойбарлардың дизими 6-қосымшаға муўапық;
Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркиниң жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 7-қосымшаға муўапық;
2020-2022-жылларда мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникацияларын раўажландырыў бойынша тийкарғы жойбарлардың дизими 8-қосымшаға муўапық;
2020-2021-жылларда аўыл ҳәм суў хожалығында санлы технологияларды енгизиў бойынша «Жол картасы» 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Бас министрине усы қарар менен тастыйықланған жойбарлардың дизимине анықлық киргизиў ҳуқықы берилсин.
- 9. Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорында (кейинги орынларда – Қор) электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономиканың уйымлараралық жойбарларды қаржыландырыў бойынша арнаўлы есап бет ашылсын.
Қордың арнаўлы есап бетиниң дәрамат дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
мобиль байланыс хызметлерин көрсетиўши юридикалық тәреплер (уялы байланыс компаниялары) тәрепинен абонент номеринен пайдаланғанлығы ушын төленетуғын төлем суммасының бөлистирилгенге шекемги болған 35 проценти;
Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик хызметлерди көрсеткенлик ушын төленген мәмлекетлик бажылар, жыйымлар ҳәм барлық түрдеги төлемлердиң 11,25 проценти, сондай-ақ, Бирден-бир биллинг системасы арқалы мәмлекетлик хызметлерди көрсеткенлик ушын төленген мәмлекетлик бажылар ҳәм басқа да төлемлерден түсетуғын қаржылардың 0,5 проценти;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәраматлар.
Абонент номерлеринен пайдаланғанлық ушын төлем, қаржылардың тийисли бөлеги Қордың арнаўлы есап бетине өткерилгеннен кейин, басқа да алыўшылардың арасында қаржылардың қалған бөлегинен келип шығып, орнатылған тәртипте бөлистирилетуғыны ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мақсетлерге бағдарланатуғыны белгиленсин.
- 1 Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлерди ислеп шығыў, енгизиў, интеграциялаў ҳәм техникалық қоллап-қуўатлаў бойынша улыўма баҳасы 1 миллиард сумға шекемги болған бир шәртнама шеңберинде таңлаўларды тек ғана Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологияларының технопарки резидентлери арасында өткериў ҳуқықына ийе екенлиги;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесинде жумсалатуғын барлық мәлимлеме системалары ҳәм ресурслардың уйымлараралық электрон бирге ислесиўи тек ғана «Электрон ҳүкимет» системасының уйымлараралық интеграция платформасы арқалы әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 11. Министрлик Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Капитал базарды раўажландырыў агентлиги ҳәм тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технопаркиниң резидентлери тәрепинен ғалабалық қаржыландырыў (краудфандинг) ҳәм опциялық-шәртнамаларды дүзиў тәртибин белгилеў бойынша усыныс киргизсин.
- 12. «Электрон ҳүкимет жойбарларын басқарыў орайы» мәмлекетлик мәкемеси Бирден-бир интегратор менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәлимлеме хызметлерин, соның ишинде, хабардар етиў характериндеги мағлыўматларды усыныўшы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары менен интеграцияласқан Электрон ҳүкимет хызметлери ҳаққында мәлимлеме бериў ҳәм хабардар етиў системасын ислеп шықсын.
- 13. Сыртқы экономикалық жумыс тараўында жергиликли исбилерменлик субъектлерине және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына ийелик етиў, оны жүргизиў ҳәм басқарыў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленсин.
Агентлик бир ай мүддетте Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасының оған тийисли барлық мүлк ҳәм әсбап-үскенелери менен биргеликте Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине белгиленген тәртипте тапсырылыўын тәмийинлесин.
- 14. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2020-жыл 1-августқа шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен жолланатуғын хат-хабарлар, хабарнамалар, шақырыў қағазлары ҳәм басқа да юридикалық ҳүжжетлерди тек ғана почта байланыс объектлериниң тармағы арқалы жеткерип бериў тәртибин белгилесин.
Министрлик 2020-жыл 1-августқа шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен почта байланысы объектлери тармағы арқалы жолланатуғын хат-хабарлар, хабарнамалар, шақырыў қағазлары ҳәм басқа да юридикалық ҳүжжетлерди физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерип бериў ҳәм жеткерилгенлигин тастыйықлаў, мағлыўматларды сақлаў ҳәм есапқа алыўдың бирден-бир миллий системасын енгизсин.
- 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3549-санлы қарарының 4-бәнти, сондай-ақ, қарарға 2-4-қосымшалар өз күшин жойытқан деп есаплансын.
Министрлик мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүдддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 16. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 28-апрель
ӨзА