Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-апрель күни жүз берген тәбийғый апатшылық ақыбетлерин көзден өткериў, зәрүр илажларды белгилеў ҳәм халық пенен тиккелей сөйлесиў мақсетинде 28-апрель күни Бухара ўәлаятында болды.
27-апрель күни мәмлекетимизге Түркменстан аймағынан кирип келген күшли самал Бухара, Наўайы, Самарқанд ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында халықтың турмысы, инфраструктура тармақлары ҳәм аўыл хожалығы егинлерине үлкен зыян келтирди. Самалдың тезлиги айырым аймақларда секундына 40 метрге шекем жетти. Ҳәдийседен жәбир көргенлер, әсиресе, Бухара ўәлаятында үлкен болды. Бир неше пуқара жарақатланып, бир адам қайтыс болды. Сондай-ақ, турақ жайлар, автотранспорт қураллары, инфраструктура объектлери ҳәм егислик жерлерге зыян жетти.
Халықтың ишинде болыў, адамлардың дәрт-тәшўишин ойлап жасаў, турмыс шараятын жақсылаў Президентимиз жумысының тийкарғы өлшемине айланған. Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги пандемия шараятында әҳмийетли мәселелердиң көп екенлиги ҳәм қолайсыз ҳаўа-райы шараятына қарамай, халықтың дәртине дәрман болыў ушын жеделлик пенен Бухара ўәлаятына жетип барды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев вертолётда Қаракөл ҳәм Алат районларындағы жағдайды көзден өткерди.
Алат районының орайында жергиликли халық ўәкиллери, белсендилер менен ушырасты.
Мәмлекетимиз басшысы күтилмеген тәбийғый апат – күшли самал адамлардың турмысы, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларға унамсыз тәсир еткенин өкиниш пенен атап өтти.
Коронавирус пандемиясы ўақтында барлық шөлкемлестириўшилик илажларды көрип, тәртип-қағыйданы қатты услағанымыздың нәтийжелерин көрип атырсызлар. Ҳәр бир пуқараның өмирин сақлаў ушын 24 саат ҳәрекет етип атырмыз. Әлбетте, бул ҳәммемиздиң басымызға түскен үлкен сынақ. Алдын айтқанымдай, биз бул қыйыншылықтан бирлесип, және де қүдиретли болып шығамыз, бир-биримизге меҳир-муҳаббатымыз артады. Кешеги апатшылық та және бир сынақ болды. Ҳәммесин тиккелей көриў, сизлердиң кейпиятларыңызды көтериў ушын өзим келдим. Қолымызда барлық мағлыўматлар бар. Қанша қаржы керек болса, беремиз. Бирде-бир шаңарақ, кәрхана, фермер хожалығы итибардан шетте қалмайды. Ең үлкен мәселе – жыйнақлы болып, адамларды сақлаў керек, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы ҳаўлықпай ҳәр күнги жумысларын даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти. Тәбийғый апаттың ақыбетлерин жеделлик пенен сапластырыў, турақ жайларды ҳәм инфраструктура объектлерин оңлаў, халыққа ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди. Аўыл хожалығы, экономика тармақлары, жәмийетлик қәўипсизлик бойынша жедел илажлар белгиленди.
Мәҳәлле пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәр бир үйге кирип, адамларға қәўетерге түспеўди, карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда, жеткерилген зыян тез күнлерде сапластырылыўын түсиндириў керек екенлиги атап өтилди. Қаракөл ҳәм Алат районларының ҳәкимлерине мине усы қыйын күнлерде адамлардың руўхын көтерип, оларды бирлестирип, халқымыз нелерге уқыплы екенин көрсетиў бойынша усыныслар берилди.
Ушырасыўда мине усындай қыйын күнлерде исбилерменлеримиз «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетине қосылып, кеңпейил, адамгершиликли ўатанласларымыздың қатары кеңейип атырғаны мәҳәллелер, аймақларды абат етиўде әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.
Кейинги үш жылда ислеп атырған барлық ҳәрекетлеримиз, ҳәр күни өз үстимизде ислеп, тынымсыз изленип атырғанымыздан мақсет бәринен бурын, адамларды разы етип, инсан мәплерин арттырыўға қаратылған. Мине усындай аўыр күнлерде кеңпейил халқымыз бирлесип, мәмлекетимиз алып барып атырған жумысларға қолқанат болса, бул сынақты да әлбетте жеңип өтемиз, деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы Бухара ўәлаятына сапар етиўи ўақтында Баҳаўиддин Нақшбандтың қәбирин зыярат етти.
Мүбәрек Рамазан күнлеринде Алла тааладан халқымызға тынышлық-парахатшылық елимизди ҳәр қыйлы бәле-апатлардан сақлаўды тилеп пәтия етилди.
Президентимиз муқаддес динимизди, уллы ата-бабаларымыздың бул жолдағы илимий мийрасын терең үйрениўге байланыслы әҳмийетли мәселелерге де айрықша тоқтап өтти.
Бухара халықаралық аэропортында тәбийғый апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыў, халық, фермер ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына тапсырмалар берилди.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Бухара ўәлаятына сапары жуўмақланды. Мәмлекетимиз басшысы усы күнниң өзинде Ташкентке қайтып келди.
ӨзА