Ең гүллеген жаслық шағымда,

Сен ашылдың кеўил бағымда.

Көзим көрди сонда бәҳәрди,

Сонда қәлбим таныды ярды.

 

Қуслар сайрар жанымды тербеп,

Мени сәўги қушағы өртер.

Күни менен даланы гездим,

Гөззаллыққа тоймады көзим.

 

Қушақ-қушақ гүллер тергенмен.

Ҳәм әкелип саған бергенмен.

Кешегидей бәри де есте,

Ҳәр бир күним, ҳәр демим ҳәтте.

 

Соннан берли исмиң тилимде,

Соннан берли өзиң, қәлбимде,

Ең гүллеген жасық шағымда,

Сен ашылдың кеўил бағымда.

 1937-жыл

 

Шарапатдин АЯПОВ аўдармасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги