Қазақстанда коронавирус инфекциясын жуқтырған адамлардың бири қайтыс болды. Бул ҳаққында Қазақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм жәмийетлик раўажланыў министри Дәўрен Абаев мәлим етти.

– Ҳүрметли ўатанласлар, тилекке қарсы, Қазақстан пуқарасы коронавирустан қайтыс болды. Жақынлары ҳәм туўған-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз. Ертең Нур-Султан қалалық денсаўлықты сақлаў басқармасы медициналық мағлыўматларды қосып, толық мағлыўмат береди. Бул жағдай коронавирустың қәўпин және бир мәрте ескертпекте, – деди министр.

27-март күни саат 07:50 деги мағлыўматларға қарағанда, Қазақстанда коронавирус инфекциясын жуқтырып алғанлығы анықланғанлар саны 120 адамға жеткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.