Халықаралық Олимпия комитетиниң президенти Томас Бах ҳәм Япония Бас министри Синдзо Абэ усы жылдың жаз айларында болып өтиўи белгиленген Токио-2020 Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларын кейинге қалдырыў бойынша келисимге келген.

Мәлим болыўынша, Токио Олимпиадасы 2021-жылдың жаз мәўсиминде болып өтеди. Бул хабарды Япония Бас министри Синдзо Абэниң өзи де тастыйықлаған.

Мағлыўмат ушын, Токио-2020 Олимпия ойынлары 24-июльдан 9-августқа шекем, ал Паралимпия ойынлары болса 25-августтан 6-сентябрьге шекем өткерилиўи жобаластырылған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.