Испания пайтахты Мадридте коронавирустан қайтыс болғанлардың денелерин қаладағы Муз сарайында сақлаўға қарар етилди. Ҳәзирги ўақытта Мадридте вирус қурбанларының саны 1263 адамға жеткен, бул пүткил елде қайтыс болғанлардың ярымынан көбин қурайды.

Аймақлық ҳүкимет муз майданы 1800 квадрат метрди қурайтуғын сарайдан морг орнында пайдаланбақшы, деп хабар береди Español редакциясы.

Өткен дүйшемби күни Мадрид мэри Хосе Луис Мартинес Альмейда Испания ҳүкиметин Мадрид қаласы жерлеў бюросының жағдайды қолға алыўы күн сайын қыйынласып баратырғаны, морг хызметкерлеринде COVID-19 жуқтырған денелер менен ислесиў ушын қорғаныў костюмлериниң жоқ екенлиги ҳаққында хабардар еткен еди.

 

ӨзА