Инсан өмиринде спорт тек ғана физикалық жақтан шынықтырып қоймастан, ал спортшылар арасында дослар арттырыў, олар менен қарым-қатнасты беккемлеў, сондай-ақ, спорт жарысларын тамашалаўға келген ықласбентлерге өзгеше руўхый заўық бағышлаўы менен де әҳмийетли саналады.
Усы жыл 5-март күни Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен 8-март «Халықаралық – Ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен тараўда хызмет етип атырған ҳаял-қызлар арасында спорттың бадминтон, баскетбол ҳәм шашка түрлеринен жарыс шөлкемлестирилди.
Илажды өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет – бажыхан уйымларында хызмет етип атырған ҳаял-қызларға байрам қуўанышларын инам етиў менен бирге, олар арасында өз-ара татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, сондай-ақ, жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.
Өз-ара кызғын беллесиўлерге бай болған жарыста карсыласлары үстинен жеңимпаз болғанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.