8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен орынларда илажлар даўам етпекте.

Байрам қарсаңында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен партияның белсенди ҳаял-қызлары арасында спорттың волейбол түри бойынша «ӨзЛиДеП кубоги» ушын жарыс шөлкемлестирилди.

Жарыста Тақыятас, Хожели, Кегейли, Нөкис районларынан ҳәм Нөкис қаласындағы жоқары оқыў орынлары менен шөлкемлерден 9 команда қатнасты.

Халықтың, әсиресе, ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеўде спорттың орны үлкен,-дейди Тақыятас районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими М.Қырықбаева. – Усы сыяқлы спорт жарыслары ҳаял-қызлардың спортқа деген қызығыўшылығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Жарыс жеңимпазлары анықланып, Тақыятас районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы биринши, Нөкис районындағы 9–санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң командасы екинши, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командалары үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.