Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў бойынша басланған реформаларымыз нәтийжесинде өткен жылы 6 мың 426 мәмлекетлик, жеке меншик, шаңарақлық балалар бақшалары шөлкемлестирилди. Соның есабынан перзентлеримизди мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси бир жыл даўамында 37,7 проценттен 52,3 процентке көтерилди.
Президентимиз Мүрәжатында министрлигимиздиң жумысына айрықша тоқтап, «Усы жылдан баслап, тарийхымызда биринши мәрте 6 жастағы балаларды мектепке шекемги таярлаў системасы енгизиледи. Усыған бюджеттен 130 миллиард сум ажыратылып, бул процессте жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери де тиккелей қатнасады» деген еди.
Мүрәжатта билдирилген усыныслар Президентимиздиң 2-марттағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманында өз көринисин тапты.
Усы пәрман тийкарында 2020-жылдың ақырына шекем 6 жастағы балаларды мектепке таярлаў системасын енгизген ҳалда мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 60 процентке жеткериўди мақсет еткенбиз.
Санжар ОБИДОВ,
Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги
бас басқармасы баслығының орынбасары
ӨзА