Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында «Универсиада-2020» спорт жарыслары бағдарламасынан орын алған волейбол бойынша қызлар арасында финал басқышы болып өтти.
Жарыста аймақлық басқышлардың жеңимпазлары болған Қарақалпақстан Республикасы, Наманган, Жиззақ ҳәм Самарканд ўәлаятларының командалары қатнасты. Барлық қарсыласлары үстинен 3:0 есабында жеңиске ерискен Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада» спорт жарысларының чемпионы болды. Екинши орынды Наманган, үшинши орынды Жиззақ ўәлаятлары командалары ийеледи.
-Финал басқышы көтериңкилик жағдайында өтти,-дейди «Өзбекстан студентлер спорт Ассоциациясы» баслығының орынбасары Музаффар Фозилов.-Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети басшылары тәрепинен жарысты шөлкемлескенлик пенен өткериў ушын барлық шараятлар жаратып берилди. Нәтийжеде ең күшли команда жеңимпазлыққа еристи.
Жарыс жеңимпазы ҳәм сыйлы орын ийелери медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды
Қарақалпақстан хабар агентлиги.