Термизде «Сурия ҳәм Ирақтан қайтарып алып келингенлерди реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бойынша Орайлық Азия сөйлесиўи: Өзбекстан тәжирийбеси» темасында Ташкент қаласында өткерилген халықаралық илимий-әмелий конференцияның көшпели мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлериниң министрликлер, уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийет институтларының ўәкиллери, бир қатар сырт ел экспертлери, сондай-ақ, ўәлаяттағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

photo5404388513295740047.jpg

Конференцияда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайының баслығы Р.Комилов, Сурхандәрья ўәлаяты мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармасы баслығының биринши орынбасары М.Қобулова ҳәм басқалар Сирия ҳәм Ирақтан қайтарып алып келингенлерди реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесин берип атырғанын атап өтти. Қубладағы ойпатта урыс ўақтынан алып келингенлердиң психологиялық, социаллық машқалаларын шешиў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў, жумысқа жайластырыў, перзентлерине билим бериў бойынша белгили тәжирийбелер жыйналғаны атап өтилди.

Көшпели мәжилисте қатнасыўшылар «Барқарор ҳаёт» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлери менен биргеликте алып барып атырған жумыслары менен жақыннан танысты. «Барқарор ҳаёт»тиң психологиялық, социаллық, диний бағдарларындағы реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў жумыслары сәўлеленген слайдлар көрсетилди.

photo5404388513295740045.jpg

– Бул мәселе тек ғана бир мәмлекет ямаса жат идеялар артынан ерип, жолынан адасқан шахслардың емес, ал дүнья халықларын ойландырып атырған, тәшиўишке салып атырған қатаң машқала, – дейди Қырғызстан Республикасы Бишкек қалалық социаллық раўажланыў басқармасы баслығының орынбасары Л.Губина. – Өзбекстан Президентиниң бул бағдарда көрсеткен инсаныйлық позициясы ҳәр қандай ҳүрметке ылайық. Биз, қайтарып алып келинген балалар ҳәм ҳаял-қызларды реинтеграциялаў бағдарында ийгиликли жумыслар әмелге асырылғанын көрдик. Мәмлекетте тек ғана региондағы мәмлекетлер емес, ал дүнья жәмийетшилиги үйренсе арзыйтуғын тәжирийбениң гүўасы болдық. Бул ҳәрекетлер биз ушын да үлкен әҳмийетке ийе.

Конференция қатнасыўшылары «Барқарор ҳаёт» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң тигиўшилик, миллий өнерментшилик, кондитерлик ҳәм басқа да оқыў ханаларында болып, бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты. Социаллық турмысқа бейимлесип атырған ҳаял-қызлар ҳәм балалар менен сәўбетлести.

photo5404358366920289568.jpg

– Урыс майданларынан алып келинген ҳаял-қызлар ҳәм балаларға көрсетилип атырған ғамқорлық итибарымызды тартты, – дейди Алма-ата қаласы жас өспиримлерге социаллық-ҳуқықый, психологиялық жәрдем көрсетиў орайының дин бойынша қәнигеси Л.Рисакова. – Сурхандәрьяға келип өзимизге тийисли көп нәрсени үйрендик. Маған әсиресе, реабилитация процесслеринде диний компонентлердиң орны бойынша алып барылып атырған жумыслар оғада унады.  Әлбетте, Қазақстанға барғаннан кейин, бул тәжирийбени қолланыўға қарар еттим.

Көшпели мәжилисте сырт ел экспертлери ҳәм жергиликли бирге ислесиўшилердиң қатнасыўында усы бағдарда аймақтағы ҳәрекетлер ҳәр тәреплеме талланып, тийисли усыныслар билдирилди.

 

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,

ӨзАның хабаршысы