Ташкент ҳәм Термиз қалаларында «Сирия ҳәм Ирактан қайтарып алып келингенлерди реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бойынша Орайлық Азия диалоги: Өзбекстан тәжирийбеси» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтпекте.
Конференцияда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлериниң министрликлери ҳәм уйымлары, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, Өзбекстан Республикасында аккредитациядан өткен халықаралық шөлкем ҳәм дипломатиялық ўәкилликханалардың хызметкерлери, сырт ел экспертлери қатнасты.
Өзбекстан эксперт-таллаў аналитикалық топарлары ҳәм жәмийетшилиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислери, Мийнет, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрликлери, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Президент жанындағы стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Республикалық реабилитация орайы ҳәм басқа шөлкемлер де усы илаж қатнасыўшысы есапланады.
Илажға Нур-Султан ҳәм Бишкек қалалары мериясының басшылығы, ишки ислер уйымлары, Дин ислери бойынша комитет ҳәм басқа да тийисли уйымлардан ибарат Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши экспертлери де қатнасқан.
Бизге белгили, 2018-жыл сентябрь айында террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкемлер ҳәм топарларға адасып кирип қалған Өзбекстан пуқараларын жынайый жуўапкерликтен азат етиў, жәмийетке ренинтеграциялаў имканиятын тәмийинлеў тәртиби тастыйықланды. Динний-экстремистлик ҳәрекетлерге байланыслы шахсларды реабилитациялаўдағы әҳмийетли қәдемлерден бири оларды әпиў етиў актлеринен пайдаланыў болды. Өзбекстанда бул илаж қамақта жазасын өтеп атырған 4 мыңнан аслам адамға қолланылып, олар ислеген ислеринен шын кеўилден пушайман болған ҳәм өзин-өзи дүзетиў жолына қатаң кирискен адамлар болып есапланады.
2019-жылда Президентимиз басламасы менен «Меҳр-1» ҳәм «Меҳр-2» инсансүйўшилик ҳәрекетлери шөлкемлестирилип, усы илаж шеңберинде 261 ҳаял ҳәм бала Жақын Шығыс ҳәм Аўғанстандағы қураллы урыслардың ошағынан қайтарылды. Ерте реабилитациялаў ҳәм жәмийетке реинтеграциясын аңсатластырыў мақсетинде бундай адамларға өз ўақтында медициналық, психологиялық, материаллық ҳәм руўхий жәрдем көрсетиў бойынша мәмлекет дәрежесинде илажлардың комплекси әмелге асырылды. Бүгинги күнге келип барлық репатриантлар тыныш турмысқа бейимлесиўи ушын зәрүр шараятлар – жәмийетке интеграцияласыў, билимлендириў ҳәм басқа да социаллық бағдарламаларға кириў, соның ишинде, турақ жай ҳәм бәнтлик сыяқлы шараятлар жаратылды.
Жалпы тематикалық сессиялар түринде болып өтип атырған конференцияның биринши күнинде «Қайтып келгенлерди реинтеграциялаўдың сиясий ҳәм ҳуқықый тәреплери: миллий әмелият қаласы» ҳәм «Реабилитация процессинде социаллық бағдарламалардың роли» темаларында баянатлар тыңланды. Илаждың әмелий бөлеги сыпатында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары (мәҳәллелер) ҳәм басқа да шөлкемлердиң қайтып келгенлерди реинтеграциялаў бойынша алып барылып атырған жумысларды үйрениў мақсетинде Сурхандәрья ўәлаяты Термиз қаласына сапар шөлкемлестирилди. Сапар етиўдиң тийкарғы мақсети сыпатында төмендегилер белгиленди: медициналық жәрдем, билимлендириў ҳәм басқа да социаллық бағдарламалардан пайдаланыў, сондай-ақ, психологиялық-социаллық жәрдем менен тәмийинлеў мәселелерин үйрениў; сырт мәмлекетлер ушын қызғын додаланатуғын мәселелер бойынша әмелий усыныслар ислеп шығыў; усы тараўларда Өзбекстанның унамлы тәжирийбесин регионналлық ҳәм халықаралық жәмийетшиликке жеткериўден ибарат.
Илаж даўамында сергекликти арттырыў менен байланыслы кең көлемли мәселелер додаланбақта. Атап айтқанда, реинтеграция және динний-экстремистлик ҳәм террористлик шөлкемлерге байланыслы шахсларды реабилитациялаў тараўында Өзбекстан ҳәм жәҳән жәмийетшилиги сиясатының ҳәзирги жағдайы ҳәм тийкарғы бағдарлары додаланып, «қайтып келгенлер»ди реабилитациялаў бойынша додалаў платформасын жаратыў, сондай-ақ, Орайлық Азия менен қоңсы мәмлекетлерде олардан пайдаланыў ушын нәтийжели, әмелий усыныслар ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы