Өзбекстанның Аралбойы машқалаларын шешиў бойынша басламалары Францияда болып өткен «ChangeNOW 2020»  саммитиниң жуўмақлаўшы брошюрасына киргизилди.

“ChangeNOW” – Бирлескен Миллетлер Шөлкемининг (БМШ) ықлым өзгерислери бойынша шеңберлик конвенциясы (ЫӨШК)қа бағышланған  Париж конференциясының 21-сессиясында планетамыз ҳәм халықлар ушын жаңа шешимлерди табыў мақсетинде шөлкемлестирилген тийкарғы глобаллық баслама саналады.

Брошюрада ықлым өзгерислериниң ақыбетлерине бейимлесиў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге айрықша итибар берген ҳалда қала ҳәм аймақлардың машқала ҳәм шешимлери, жаңа, инновациялық ҳәм заманагөй социаллық ҳәмде технологиялық шешимлерди әмелге асырыўда бирге ислесиўдиң имканиятлары көрсетилген.

Сондай-ақ, бул ҳүжжетте Арал апатшылығы ҳәм Өзбекстанның Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин жумсартыў, Аралбойы аймақларын тиклеў ҳәм социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған ис-илажлар ҳаққында мағлыўмат киргизилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик Траст фондын шөлкемлестириў, Аралбойы аймағында Халықаралық инновациялық орайын ашыў, Арал регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы деп жәриялаў бойынша басламалары айрықша атап өтилген.

 

“Дунё” мәлимлеме агентлиги