Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес басламаның екинши басламасы бойынша O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» тәрепинен партия шөлкемлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша “O’zLiDeP кубоги” ушын жарыс шөлкемлестирилди.

Жарыста бирге ислесиўши шөлкемлерден де командалар қатнасты.

Жарыс жуўмағында «Қарақалпақавтотех» ЖШЖ командасы биринши, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси командасы екинши, «Нөкис евро строй» ЖШЖ командасы үшинши орынды ийеледи.

  • Соңғы жылларда елимизде барлық тараўлар қатарында спорт тараўына да үлкен итибар қаратылмақта,-дейди «Қарақалпақавтотех» ЖШЖ хызметкери А.Умирбаев. – Усы сыяқлы жарыслар жаслардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыўға, оларды физикалық жақтан шынықтырыўға хызмет етеди.

Жеңимпазлар партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.