Мақсет бир – Өзбекстанда денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, миллий спорт түрлерин халықаралық көлемге көтериў.
Усы жылдың 17-19-апрель күнлери Ташкент қаласында Өзбек жаўынгерлик өнери бойынша тарийхта биринши рет Азия чемпионаты өткериледи, деп хабар береди Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң баспасөз хызмети.
Жарыста континентимиздиң 10 нан аслам мәмлекетлеринен 500 ге шамалас спортшы қатнасады. Турнир пайтахтымыздағы «Өзбекстан» спорт комплексинде болып өтеди. Сондай-ақ, усы жарыс шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилип атырған Азия Өзбек жаўынгерлик өнери федерациясының шөлкемлестириў мәжилиси де болып өтетуғыны режелестирилген.
Мағлыўмат ушын, Өзбек жаўынгерлик өнери спорт түри 2009-жыл 14-апрель күни Әдиллик министрлигинде дизимнен өткен. Тарийхый дәреклердиң гүўалық бериўинше, уллы сақыпқыран Әмир Темур әскерлери мине усы жаўынгерлик өнери менен шуғылланған. Өзбекстан Өзбек жаўынгерлик өнери федерациясы усы спорт түрин «ЮНЕСКО» материаллық емес мәдений мийрасларының дизимине киргизиў жолында әмелий ҳәрекетлер алып бармақта.
ӨзА