Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғанның мирәт етиўине бола 19-20-февраль күнлери сапар менен усы мәмлекетте болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-февраль күни Анкара қаласында Түркияның жетекши компаниялары ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасты. Илажда Түркияның саўда палаталары  ҳәм биржалары ассоциациясы, Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги, «Гебзе» бирлескен санаат зонасы, «Зираат» банки, «Зорлу холдинг», «Жошкуноз холдинг», «Экзачибаши», «Байкар», «Дунягоз», «Канимед саглик», «Бау глобал», «Хавелсан» сыяқлы бир қатар компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстанда қолайлы бизнес орталығын жаратыў бойынша исленип атырған өзгерислер ҳәм сырт ел инвесторларына жаратылып берилип атырған шараятлар ҳәм имканиятлар түркиялы исбилерменлердиң елимизге қызығыўшылығын арттырды. Соның ишинде, соңғы жылларда өз-ара саўданың көлеми еки еседен асламға артты. Қоспа ширкетлердиң  саны мыңға шамалас көбейди. Транспортта  тасыў көлемлери жедел кеңейип бармақта.

Бүгинги күнде Түркия компаниялары мәмлекетимизде қурылыс, энергетика, тоқымашылық, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, туризм, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да тараўларда жумыс ислемекте. Бунда қоспа инвестициялық жойбарлардың орынланыўы қадағалаўға алынғанлығы, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарында жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў хошаметленип атырғанлығы әҳмийетли фактор болмақта.

Мәселен, 2019-жылда Түркияның “Calik Enerji” компаниясының қатнасыўында Наўайы ыссылық электор станциясының екинши пуў-газ қурылмасы иске түсирилди.

Мәмлекетимизде 1993-жылдан берли ўәкилханасы жумыс ислеп атырған Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги елимиздеги медицина ҳәм билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, аўыл хожалығын және киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўға бағдарланған бир қатар жойбарлардың турмысқа енгизилиўинде белсене қатнасып келмекте.

Өзбекстанға қызығыўшылық билдирип атырған түрк компаниялары медицина, билимлендириў, машина қурылысы сыяқлы тараўларға инвестиция киргизиў, халықаралық сапа стандартларын енгизиў арқалы жоқары санаатласқан өнимлерди ислеп шығарып, үшинши мәмлекетлерге экспорт етиўди режелестирмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда бизнес орталығы өзгергени, бюрократия сапластырылғаны, сырт ел инвесторларына есиклердиң ашылғанлығы, оларға еркин ислеўи ушын кепиллик берилиўи атап өтилди. Соның ишинде Өзбекстанда инвесторларға тап Түркиядағы сыяқлы барлық шараятлар жаратылып берилетуғынын атап  өтти.

– Өзбекстан кешеги Өзбекстан емес. Бүгин мәмлекетимизге кирген компания әлбетте пайда көреди. Мен буған кепиллик беремен. Бул ушын зәрүр ҳуқықый институтционаллық шараятлар жаратылып бериледи, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өткен жылы инвестиция бойынша нызам қабыл етилди. Бул нызам менен енди Өзбекстанда инвесторлардың барлық ҳуқықлары қорғалады.

Президентимиз енди түркиялы исбилерменлер менен турақлы қарым-қатнас алып барылыўын, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде 5 хызметкер тек инвестиция бойынша ислейтуғынын атап өтип, түрк исбилерменлерин белсендиликке шақырды.

Ушырасыўда қол қойылған келисимлерди кең көлемде әмелге асырыў, саўда, инновация, энергетика, инфраструктураны раўажландырыў, транспорт, туризм, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, басқа да тармақларда қоспа жойбарларды жедел алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Түркиялы исбилерменлер өткен жылы Өзбекстанға барғанын, экономиканың барлық тармақларында өзгерислерге, адамларда «реформалардың раўажланыўы»на гүўа болғанлығын атап өтти. Өзбекстан базарына кириў, бирге ислесиўде перспективалы жойбарларды әмелге асырыў нийетинде екенлигин билдирди.

Соның менен бир қатарда “Ronesans Holding” пенен «Өзбекстан металлургия комбинаты» акционерлик жәмийетин модернизациялаў ҳәм раўажландырыўға 630 миллион евро, Алмалық кән-металлургия комбинатына 4,1 миллиард доллар тиккелей инвестицияларды киргизиў, сондай-ақ, емлеўханалар ҳәм саўда орайларын қурыў бойынша улыўма баҳасы дерлик 3 миллиард  долларлық жаңа жойбарларды әмелге асырыў ҳаққында келисимлерге ерисилди.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Түркияның министрликлери ҳәм компаниялары арасында қарым-қатнасты және де раўажландырыў, өз-ара өним жеткерип бериў, хызмет көрсетиўди кеңейтиў, клиникалар ҳәм жоқары оқыў орынларын шөлкемлестириў бойынша анық жойбарлар додаланды. Президентимиз бул режелерди мақуллап, жуўапкерлерге  тез арада әмелий жумысларға өтиў, бюрократиялық тосқынлықларсыз оларды турмысқа енгизиў бойынша тапсырмалар берди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Анкара қаласында Түркия Республикасы Президенти аппараты Халық китапханасының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

Түркия басшысы Режеп Таййип Эрдўғанның басламасы менен қурылған бул комплекс Президент резиденциясынан тысқары түрли мәмлекетлик мәкемелер, конгресс-хол, мәденият орайы, мешит ҳәм Халық китапханасынан  ибарат. 4 миллион баспа өнимлери ҳәм 120 миллионнан аслам электрон файлдан ибарат фондқа ийе китапхана хызмет көрсетиў дәрежеси бойынша дүньядағы ең үлкенлеринен бири болып есапланады. Усы руўхый байлық орайы Президент резиденциясы – Республика бас сарайы жанында қурылғаны да оның әҳмийетин көрсетеди.

Китапхана архитектурасы, сондай-ақ, пүткил комплекстиң жойбары түрк инженери Шафик Бирке тәрепинен миллий архитектуралық ҳәм заманагөй усылларды үйлестирген ҳалда исленген. Жойбарды жаратыўда бир қанша раўажланған мәмлекетлердиң билимлендириў орайлары, АҚШтағы Президент китапханасы, Уллы Британия, Францияның миллий китапханаларының тәжирийбелери үйренилген.

Китапхана қурылысы 2015-жылы басланған. Улыўма майданы 125 мың квадрат метрден ибарат имараттың тийкарғы бөлеги 11 қабат болып, орайлық үлкен гүмбез ҳәм фойе, оқыў ҳәм көп тармақлы заллар, әййемги қол жазба әдебиятларды реставрациялаў лабораториясы, архив комплекси, көргизбе майданлары, балалар ушын аудио ҳәм видео көриў ханалары, басылымларды сақлаў фондлары, кафелер, ресторанлардан ибарат.

Бул ағартыўшылық орайы ең заманагөй техникалық имканиятларға ийе болып, жаңа форматтағы китапхана хызметлерин өзинде жәмлеген.

Ашылыў мәресиминде пүткил дүньядан еки мыңға шамалас мийман – илимпазлар, жазыўшылар, билимлендириў ҳәм мәденият, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер қатнасты. Шавкат Мирзиёев Түркия Президенти тәрепинен мирәт етилген жоқары дәрежедеги бирден-бир мийман болды.

Бунда да өзине тән терең мәни бар. Мәмлекетимиз басшысының китапқа меҳири, китапқумарлықтың үгит-нәсиятына итибары айрықша. Ағартыўшылық, билимлендириў, жаслар тәрбиясына байланыслы халықаралық  басламалары да бәршеге мәлим. Быйылғы жылдың Өзбекстанда Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы, деп жәрияланғаны да илимге болған итибардың және бир дәлили.

Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы усындай әҳмийетли ҳәм абырайлы ўақыяға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирип, туўысқан түрк халқын усы илим-мәрипат орайы менен қутлықлады.

– Дүньядағы ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир миллет биринши гезекте өзиниң интеллектуаллық потенциалы, жоқары мәнаўияты менен қүдиретли болып есапланады. Бундай жеңилмес күш дәреги болса, бәринен бурын, инсан ақыл-ойының уллы ашылыўы – китап ҳәм китапханаларда, – деди Президентимиз.

Өзбек ҳәм түрк халықларының тамыры бир, мәнаўияты уқсас. Имам Бухарий, Беруний, Хорезмий, Ибн Сино, Жалолиддин Румий, Юнус Эмро, Әлийшер Наўайының мийрасы халықларымыздың миллий раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Қазызада Румий Самарқандта мударрислик еткен. Әли Қусшы өмириниң соңғы жылларын Стамбулда өткерген. Абдурауф Фитрат, Муҳаммад Шариф Сўфизода, Саид Аҳрорий сыяқлы көплеген жадид бабаларымыз Түркияда билим алған.

Бүгинги күнде Стамбулда Абу Райхан Беруний атындағы университет бар. Түркияның китап фондларында Әлийшер Наўайы шығармаларының 100 ден аслам қол жазбалары сақланып келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы елимизде заманагөй мектеплер, илимий ағартыўшылық орайлар шөлкемлестирилип атырғанлығын атап өтти.

Самарқандта Имам Бухарий, Сурхандәрьяда Имам Термизий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайлары, сондай-ақ, ҳәдис, калом, ақийда, тасаввуф, фиқҳ мектеплери ашылған. Ташкент қаласында көп әсирлик мәрипат ғәзийнесинен ибарат болған, фундаментальлық изертлеўлер алып барылатуғын Ислам цивилизациясы орайы қурылмақта.

Усы жылы уллы илимпазлар Абдухолиқ Ғиждувоний ҳәм Баҳауддин Нақшбандтың туўылған күнлерине бағышланған илажлар өткериледи. Маҳмудхожа Беҳбудий туўылған күниниң 145 жыллығы белгиленеди. Сондай-ақ, быйылғы жылы Бухара қаласы «Ислам мәдениятының пайтахты», Хийўа қаласы «Түркий дүнья мәдениятының пайтахты» деп жәрияланғаны мүнәсибети менен бир қатар халықаралық әнжуманлар шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

Президентимиз түркиялы илимпазлар, әдебияттаныў ҳәм динтаныўшыларды усы мәдений-ағартыўшылық илажларға мирәт етти. Өзбекстанның китап фондларында 100 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын қолжазба шығармалары сақланып атырғанлығы, олардың көпшилиги өз изертлеўшилерин күтип турғанлығын атап өтти.

Түркия Президенти усы қуўанышлы әййямда Өзбекстан Президенти зайыбы менен бирге қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирди.

– Өзбекстан биз ушын мәдений көзқарасларымызды қәлиплестирген, илимпазларды жетистирип атырған, илим, диний билим ҳәм руўхый дүньямызды тәмийинлеген турмыслық дәреклеримизден ең әҳмиетлиси болып есапланады, – деди Режеп Таййип Эрдўған. – Илим орталығы әсирлер даўамында Ташкент пенен Анкара, Самарқанд пенен Конё, Бухара менен Бурса, Хийўа менен Эдирнени байланыстырып, өз-ара байытқан болып есапланады. Бул күн Халық китапханасын Уллы мәртебели мырза менен биргеликте ашып, мәдениятымыз ҳаққында пүткил дүньяға әҳмийетли бир белги бермектемиз.

Шавкат Мирзиёев дүньяда өғада сийрек ушырасатуғын «Усмон Мусхафи»ниң хаттотларымыз тәрепинен көширилген нусқасы, Жалоладдин Румийдиң белгили «Маснавий» шығармасы және Абу Бакр ар-Розийдиң «Кеселликлер тарийхы» шығармасы қол жазбаларының факсимиле нусқалары, «Әлийшер Наўайы шығармаларының Стамбул китапханаларындағы нусқалары» атамасындағы китап-альбом, Юнус Эмро қосықларының өзбек тилине аўдармасын жәмлеген «Өлмес кеўил» деп аталған китапларды китапханаға саўға етти.

Сондай-ақ, Түркия Республикасы Президенти аппараты Халық китапханасына 350 ден аслам түрли темадағы китаплар усынылды.

Мәмлекет басшылары зайыплары менен биргеликте Түркия Республикасы Президенти аппараты Халық китапханасының жумысы менен танысты. Президентимиз Шавкат Мирзиёев ҳәм оның зайыбы усы саўлатлы сарайдың биринши ҳүрметли мийманлары болды.

Сийрек ушырасатуғын китаплар көргизбеси болып өтти. Түркия Президенти мәмлекетимиздиң басшысына китаплардың биреўин саўға етти. Мәмлекет басшылары биргеликте Өзбекстаннан келтирилген китаплар көргизбеси менен де танысты.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасына сапар етиўи жуўмақланды. Жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Түркия қарым-қатнасының жаңа форматына тийкар салған бул сапар етиў мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли перспективаларын белгилеп берди. Өткерилген ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер, қол қойылған ҳүжжетлер, ерисилген келисимлер еки мәмлекет қатнасықларын ҳәм туўысқан халықлардың дослығын ҳәр тәреплеме беккемлеўге хызмет етеди.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Анкара

 

ӨзА