USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 3 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТИҢ ТҮРКИЯ РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ АППАРАТЫ ХАЛЫҚ КИТАПХАНАСЫНЫҢ САЛТАНАТЛЫ АШЫЛЫЎ МӘРЕСИМИНДЕГИ ШЫҒЫП СӨЙЛЕГЕН СӨЗИ

Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент, әзиз туўысқаным!

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, мине усындай оғада әҳмийетли ҳәм салтанатлы мәресимге мирәт еткени ушын Түркия Республикасының Президенти Уллы Мәртебели Режеп Таййип Эрдўғанға, ҳүрметли Уллы Мәртебели Эмина Ханымға, туўысқан түрк халқына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли дослар!

Дүньядағы ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир миллет биринши гезекте өзиниң интеллектуаллық потенциалы, жоқары мәнаўияты менен қүдиретли болып есапланады. Бундай жеңилмес күш дәреги болса, бәринен бурын, адамзат ой-пикириниң уллы ойлап табыўы – китап ҳәм китапханаларда, десек, қәтелеспеген боламыз.

Ҳәммеңизди қәдирли достым Уллы Мәртебели Эрдўғанның басламасы менен қурылған Түркия Президенти аппараты Халық китапханасы менен қызғын қутлықлайман.

Әййемги ҳәм заманагөй архитектуралық дәстүрлер, инженерлик өнердиң ең соңғы жетискенликлерин, түрк халқының уллы өтмиши, дөретиўшилик потенциалы, бай руўхый дүньясын өзинде жарқын жәмлеген бул саўлатлы сарай ҳәр қандай мақтаўға ылайық болып есапланады.

Егер сулыў Анкара Түркия мәмлекетиниң тажы болса, бул китапхана мине усы тажға орнатылған ең жақты, ең гөззал гәўҳарлардан бири болыпты.

Бул теңи жоқ ағартыўшылық сарайы ҳәммеңизге, пүткил Түркия халқына мүбәрек болсын.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Биз Түркия Республикасы Өзбекстанның ғәрезсизлигин бириншилерден болып тән алғанын ҳәмийше миннетдаршылық пенен еслеймиз.

Бүгинги күнде гөззал мәмлекетиңиз үлкен сиясий, экономикалық, илимий ҳәм мәдений потенциалға ийе болған мәмлекет сыпатында дүньяда барған сайын раўажланып, абырайы артып бармақта.

Заманымыздың ири мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткери Уллы Мәртебели Режеп Таййип Эрдўғанның басшылығында Түркия халқы ерисип атырған барлық жетискенликлердиң негизинде, бәринен бурын, инсан факторына, илим-мәрипатқа шексиз итибар жәмленгенин биз жақсы билемиз. Сизлердиң бул бағдардағы сийрек ушырасатуғын тәжирийбеңизди үйрениўге бәрқулла умтыламыз.

Кейинги жылларда еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм халықларымыздың қоллап-қуўатлаўы менен дослық ҳәм бирге ислесиўимиз тарийхында пүткиллей жаңа бет ашылды. Кеше болып өткен Жоқары дәрежедеги стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилиси бул жолдағы жаңа әмелий қәдем болып есапланады.

Бүгинги күнде Өзбекстан Түркий тиллес мәмлекетлердиң Бирге ислесиў кеңесине қосылды. Биз барлық ағза мәмлекетлер қатарында Түркия менен қатнасықларымызды жаңа басқышқа көтериў ушын белсене ҳәрекет етпектемиз. Мәмлекетлеримиз арасында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм коммуникация, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта.

Илим-мәрипат ҳәм китапқумарлық мәдениятына болған үлкен қызығыўшылық ҳәм итибар халықларымызды өз-ара жақынластыратуғын бийбаҳа қәдирият болып есапланады.

Мәмлекетимизде 2020-жылды «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәриялағанымыз «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген уллы идеямызға толық сәйкес келеди.

Әзиз туўысқанлар!

Тарийх бетлерине нәзер тасласақ, халықларымыздың мәдений бирге ислесиўи узақ дәўирлерден басланғанына гүўа боламыз. Грек елинде туўылып камалға келген Қозизода Румий уллы мәмлекетлик ғайраткер ҳәм илимпаз Мырза Улығбек обсерваториясының тийкарын салыўшылардан бири болғанын биз мақтаныш пенен еске аламыз.

Өз гезегинде, Мырза Улығбектиң садық шәкирти, белгили астроном ҳәм математик Али Қусшы өмириниң соңғы жылларын Түркияда өткергени ҳәм бул елде анық пәнлердиң раўажланыўына шексиз үлес қосқанын да ҳәммемиз жақсы билемиз. Али Қусшының ақлығы Мирим Чалабий да атасы сыяқлы белгили илимпаз болып танылған ҳәм онда түрк илимий-ағартыўшылық орталығының үлкен хызметлериниң бар екенлигине гүман жоқ.

Өз-ара мәдений бирге ислесиўимиз ҳаққында сөз болғанда, уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының бул процессте оғада әҳмийетли орын ийелегенин атап өтиў керек. Тарийхый дәреклер XV әсирде түрк ҳүкимдары Баязид Екиншиниң Султан Хусейин Байқара ҳәм Әлийшер Наўайы менен хатлар ҳәм елшилер арқалы өз-ара байланыста болғанынан дәрек береди.

Түркияның белгили илимпаз ҳәм жазыўшылары Әлийшер Наўайыны түркий дүньяның ең уллы шайыры, түрк тилиниң қорғаўшысы сыпатында улығлап келеди. Түркия китап фондларында уллы шайырымыз шығармаларының 100 ден аслам қолжазбаларының сақланып атырғаны да соннан дәрек береди.

Әлийшер Наўайы бийбаҳа дөретиўшилиги менен бүгин де түркий халықларды руўхый жақтан бирлестириўге хызмет етип келмекте.

Қәдирли әнжуман қатнасыўшылар!

Халқымыз тарийхының аўыр ҳәм қыйын дәўири, яғный XX әсирдиң басында жадид бабаларымыз Ўатанымыз ғәрезсизлиги жолында пидәкерлик пенен гүрескен. Бул бағдарда олар түркиялы ағартыўшылар менен жедел бирге ислескен, бул жерде билим алып, жаңа идея ҳәм көзқарасларға ийе болғанын жақсы билемиз.

Сол жылларда Абдурауф Фитрат, Муҳаммадшариф Сўфизада, Саид Аҳрорий сыяқлы белгили жазыўшылар ҳәм ғайраткерлеримиз Түркияда билим алған. Маҳмудхожа Беҳбудий, Ибрат, Абдулла Авлоний, Шолпан сыяқлы онлаған уллы ўатанласларымыз түрк мәденияты ҳәм әдебияты руўхында тәрбия алған. Тилекке қарсы, олардың көпшилиги бурынғы аўқам дәўиринде сиясий репрессия қурбаны болған.

Бүгинги күнде биз Өзбекстанда жәдидшилик ҳәрекетиниң сийрек гезлесетуғын мийрасын терең үйрениў бойынша үлкен жумысларды басладық. Өткен жылы белгили шайырымыз Абдулла Қадирий туўылған күниниң 125 жыллығын кең көлемде өткердик. Усы жылы белгили жәмийетлик ғайраткер, илимпаз ҳәм жазыўшы Махмудҳожа Беҳбудийдиң 145 жыллық туўылған күн сәнесин белгилеймиз. Биз бул ата-бабаларымыздың үлги боларлықтай өмирин ҳәм мийнет жолын қанша көп үйренсек, бизлерди ойландырып атырған оғада көп сораўларға дурыс жуўап табамыз.

Ҳәзирги ўақытта өзбек классикалық әдебиятының үлгилери менен бир қатарда заманагөй шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың шығармалары да Түркияда турақлы басып шығарылып атырғанын биз жоқары баҳалаймыз. Мәмлекетиңиздиң бир қатар жоқары билимлендириў мәкемелеринде өзбек тили ҳәм әдебияты оқытылып атырғаны, Стамбулда уллы бабамыз Абу Райхан Беруний атындағы университет жумыс алып барып атырғаны бизди қуўандырады.

Гөззал ҳәм бийтәкирар түрк үлкесинде өзбек халқының тарийхы ҳәм мәдениятына байланыслы онлаған жердиң атлары – мәҳәлле ҳәм орайлар, белгили орынлар жүз жыллар даўамында мүлтиксиз сақланып келмекте. Бундай кеңпейиллик ҳәм дослық мүнәсибет ушын Түркия басшыларына ҳәм халқына және бир мәрте миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Бизиң елимизде де түрк әдебияты ҳәм көркем өнерине қызығыўшылық барған сайын артып, олар илимий ҳәм билимлендириў дәргайларында кеңнен үйренилмекте. Мавлоно Жалолиддин Румий, Юнус Эмро, Аҳмед Паша, Сайди Али Раис Котибий, Тошлижали Яҳё, Ҳамди Чалабий сыяқлы уллы шайырлардың дөретиўшилигин халқымыз сүйип оқыйды.

Соның менен бирге, заманагөй түрк әдебияты, халық дәстанлары, антологиялар өзбек тилинде басып шығарылып, китапханаларымыздың руўхый мүлкине айланғанын атап өтиў керек.

Әзиз туўысқанлар!

Биз илим-мәрипатты кең мәнисте түсинемиз. Сол себепли елимизде дүньядағы билимлендириў дәргайлары менен бирге диний мектеп ҳәм медреселер, илимий-ағартыўшылық орайлар шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, Ташкент қаласында көп әсирлик ағартыўшылық ғәзийнесин өзинде жәмлейтуғын, фундаменталь изертлеўлер алып барылатуғын Ислам цивилизациясы орайын қурып атырмыз.

Самарқандта Имам Бухарий, Сурхандәрьяда Имам Термизий атларындағы халықаралық илимий-изертлеў орайлары жумыс алып бармақта. Оларда басқа пәнлер қатарында ҳәдис, калом, догма, тасаввуф, фикҳ илимлери терең үйренилмекте.

Бухарадағы Мир Араб жоқары медресеси, Ташкент Ислам маъҳади, Өзбекстан халықаралық Ислам академиясы сыяқлы жоқары оқыў орынларында жетик маман қәнигелер таярланбақта.

Усы жылы ҳәдис илиминиң султаны Имам Бухарий, догматистлик илимде мектеп жаратқан илимпазлар – Абу Мансур Мотуридий ҳәм Абу Муин Насафийге бағышланған халықаралық илимий конференциялар өткериў нийетиндемиз. Сондай-ақ, уллы ойшыл – шығысы түркиялы болған Абдухолиқ Ғиждувоний ҳәзиретлериниң, Баҳауддин Нақшбанд бабамыздың туўылған күнин, Мир Араб медресесиниң 500 жыллығын да жоқары дәрежеде өткериўди нийет еткенбиз.

2020-жыл Бухара қаласы – «Ислам мәденияты пайтахты», Хийўа қаласы – «Түркий дүнья мәдениятының пайтахты», деп жәрияланды. Усы мүнәсибет пенен быйылғы жыл даўамында мәмлекетимизде бир қатар халықаралық әнжуманлар шөлкемлестириледи. Түркиялы ҳүрметли илимпаз-ойшылларымыз усы мәдений-ағартыўшылық илажлардың әзиз мийманлары болады, деп исенемен.

Қәдирли дослар!

Ҳәзирги күнде Өзбекстанымыздың китап фондларында 100 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын қолжазба шығармалар сақланбақта. Бирақ, олардың көпшилиги елеге шекем өз изертлеўшилерин күтип турыпты. Бул руўхый ғәзийнени ҳәр тәреплеме терең үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў алдымызда турған әҳмийетли ҳәм абырайлы ўазыйпа болып есапланады.

Пурсаттан пайдаланып, мен Өзбекстан ҳәм Түркия университетлери, илимий-изертлеў мәкемелери арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге ўәде беремен. Бул процесслерде Түркияның бүгин ашылып атырған усы ең үлкен китапханасы ҳәм 150 жыллық тарийхқа ийе болған Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы интакер болады, деп үмит етемен.

Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!

Бүгин Түркияда үлкен қуўаныш, керек болса, мәнаўият ҳәм мәрипат тойы болып өтпекте. Бизлердиң халқымызда «Тойға саўға менен барыў керек», деген ҳикметли сөз бар.

Соған бола, биз Түркия Президенти аппараты Халық китапханасына 350 ден аслам ҳәр қыйлы темадағы китапларды алып келдик. Олардың арасында дүнья жүзинде оғада сийрек ушырасатуғын Өзбекстан мусылманлар мәкемесиниң китапханасында сақланып атырған «Усмон Мусҳафи»диң шебер каллиграфларымыз тәрепинен көширилген нусқасы да бар.

Пүткил ислам дүньясының мақтанышы болған мавлоно Жалолиддин Румий ҳәзиретлериниң белгили «Маснавий» шығармасы қолжазбасының факсимиле баспасын сиз, әзизлерге усынамыз.

Бизге белгили, уллы илимпаз Абу Бакр ар-Розийдиң «Кеселликлер тарийхы» атлы шығармасы пүткил дүнья жүзинде абырайға ерискен. Бул китапты ХVIII әсирде стамбуллы тәўип, шайыр ҳәм каллиграф Муҳаммад Рафиъ араб тилинен түрк тилине аўдарып, өз қолы менен көширген. Биз келтирген китаплардың ишинде усы қолжазбаның факсимиле нусқасы да бар.

Соның менен бирге «Әлийшер Наўайы шығармаларының Стамбул китапханаларындағы сүўретли нусқалары» атлы китап-альбом әдебий бирге ислесиўимиздиң терең тарийхый тамырларынан дәрек береди.

Тек ғана Түркия емес, ал пүткил мусылман дүньясының атақлы шайыры болған Юнус Эмроның «Өлмес кеўил» атлы китабы жақында мәмлекетимизде өзбек тилинде басып шығарылды. Мен усы китапқа «Кирис сөз» жазыўға миясар болғанымнан бахытлыман.

Рухсатыңыз бенен Юнус Эмроның дослық ҳаққындағы қосық қатарларынан үзиндилер келтирмекшимен:

Мениң тилим – қус тили,

Мениң қолым – дос қолы,

Мен бүлбүлмен, дос гүлим,

Билиң, гүлим солмас мениң.

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Түркий тиллес мәмлекетлердиң Бирге ислесиў кеңеси шеңберинде «Түркий әдебият ғәзийнеси» рубрикасында 100 томлық китаплар дүркинин басып шығарыў идеясын алға қойған еди. Мине усы жақсы басламаның дәслепки нәтийжеси, Юнус Эмроның усы шығармасын да Президент аппараты Халық китапханасына усыныў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент!

Әзиз дослар!

Сизлерди бүгинги салтанатлы мәресим менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Бул саўлатлы китапхана Түркия халқы, Түркия жаслары ушын, илим-мәрипатты жоқары қәдирлейтуғын барлық инсанлар ушын ҳақыйқый мәнаўият сарайына айланыўын  Алладан сорап қаламан.

Итибарыңыз ушын рахмет.

 

 ӨзА