СЕМИНАР

Усы жыл 19-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң қатнасында Президентимиздиң 2019-жыл 11-сентябрь сәнесинде қабыл етилген «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўдың ҳуқықый ҳәм институционаллық системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектепте «Бала саламатлығы – дурыс аўқатланыўға байланыслы» ҳәм «Сап денеде – сап ақыл» атамаларында семинар өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниӊ бөлим баслығы С.Ҳабипов, Қарақалпақстан Респуликасы Санитария-эпидемологиялық Тынышлық орайыныӊ қәнигеси Г.Алиярова,  Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети мәлимлеме хызмети қәнигеси И.Уббиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм билимин жетилистириў, өнимлерди сатып алыўда нелерге итибар қаратыў кереклиги ҳаққындағы мәселелерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, күнделикли турмыста азық-аўқат ҳәм басқа да өнимлерди сатып алыўда пайдаланыў тәртиби, ислеп шығарылған сәнеси, жарамлылық мүддети, өлшеми, сақлаў қағыйдалары, өнимлердиң муўапықлық сертификаты барлығына итибар бериўимиз керек болады. Сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлериниң ветеринария-санитария экспертизасы лабораториясынан өткенлиги, гөш-сүт, балық, кондитер өнимлери, таяр ҳәм ярым таяр өнимлер, тез айныйтуғын өнимлерди сатып аларда музлаткышларда сақланғанлығына итибар қаратыў кереклиги бойынша да түсиник берилди.

Семинар соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден, тийисли жуўап алды.

Усы атамадағы семинар республикамыздың басқа да орынларында өткерилмекте.

 

А.ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.