USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 3 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Өзбекстан – Түркия: ЖОҚАРЫ ДӘРЕЖЕДЕГИ СТРАТЕГИЯЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫ

Анкара, 19-февраль. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Матназар ЭЛМУРОДОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғонниң мирәт етиўине бола 2020-жыл 19-февраль күни усы мәмлекетке барды.

«Эсонбуға» халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркия ҳүкиметиниң ағзалары Анкара провинциясы ҳәм қаласының басшылары ҳәм басқа да рәсмий адам күтип алды.

Шавкат Мирзиёев сырт елге еткен сапарлары ўақтында әлбетте сол мәмлекеттиң теберик зыярат орынларында болып, уллы тулғалардың естелигине ҳүрмет көрсетеди. Түркияға бул ретки сапары да мине усы жақсы дәстүр менен басланды. Мәмлекетимиз басшысы Анкара қаласында Аниткабир естелик комплексине барып, Түркия Республикасының биринши Президенти Мустафа Камол Ататүрктиң қәбирине гүл қойды.

Түрк халқының әдиўли перзенти, уллы мәмлекетлик ғайраткер Мустафа Камол Ататүрк жерленген орын халық ушын оғада қәдирли. Жыл даўамында бул жерден зыяратшылардың изи үзилмейди.

Усы комплекстеги музейде өз мәмлекетиниң азатлығы ушын гүрескен сиясатшының өмири ҳәм мийнет жолына байланыслы көплеген затлар сақланады, музей заллары бойлап Мустафа Камолдың сөзлери жаңлайды, тарийхый кадрлар көрсетиледи. Бул зыяратшыларға сол дәўирлердиң руўхын сезиўге имканият береди.

Мустафа Камол Биринши жер жүзилик  урыстан кейин бөлекленип, бойсыныўда қалған мәмлекетти азат еткен. 1923-жылы ғәрезсизлик жәрияланып, ҳәзирги Түркия Республикасына тийкар салған. Мәмлекеттиң  бүгинги раўажланыўын белгилеп берген сиясий, социаллық ҳәм мәдений реформаларды әмелге асырған. 1934-жылы мәмлекет парламентинде оны Ататүрк деп атаў нызамластырылған.

Мәмлекетимиз басшысы музей менен де танысты, комплекстиң ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба жазып қалдырды.

Сапардың тийкарғы илажлары Түркия Республикасы Президенти сарайында болып өтти. Рәсмий күтип алыў мәресиминен кейин Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдўғон тар шеңберде ушырасыў өткерди. Онда Өзбекстан менен Түркия арасындағы сиясий, саўда-экономикалық. мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Өзбекстан менен Түркияны бирдей тил ҳәм тарийх, уқсас мәденият ҳәм дәстүрлерге тийкарланған жақын дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықлары бирлестирип турады. Түркия Өзбекстанның ғәрезсизлигин биринши болып тән алғаны да мине усы туўысқанлықтың жоқары көриниси  болған еди. 1996-жылы мәмлекетлеримиз арасында Мәңги дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылған. 2017-жыл октябрь айында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Түркияға дәслепки еткен сапары ўақтында мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиўин стратегиялық шериклик дәрежесине көтеретуғын Биргеликтеги билдириўге қол қойылды.

Өткен үш жылда байланыслар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Президентлер 7 рет ушырасты. Жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерде мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды. Бул еки мәмлекет исбилермен топарлары ушын қолайлы шараят жаратыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, қоспа кооперация жойбарлары ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыў сыяқлы көплеген бағдарларда өз сәўлелениўин тапты.

Өткен жылы сентябрь айында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстан Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине толық ҳуқықлы ағза болды. Өзбекстанның бул шөлкемге қосылыўын барлық түркий мәмлекетлер, бәринен бурын, Түркия Республикасы қызғын қоллап-қуўатлады. Усы тәризде мәмлекетлеримиз ушын және бир халықаралық структура шеңберинде еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар пайда болды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Түркий кеңестиң Бакуда өткен жетинши мәжилиси ҳәм Инвестициялық форум шөлкемлестирилди.

Мәмлекетлеримиз арасында өз-ара пайдалы дослық қатнасықлар избе-из раўажланбақта. Барлық дәрежедеги сөйлесиўлер кескин жеделлести. Өзбекстан ҳәм Түркия халықаралық шөлкемлер шеңберинде бир-бирин турақлы қоллап-қуўатлап келмекте.

Аймақлараралық байланыслар жедел түске енди. Ташкент ҳәм Анкара, Самарқанд ҳәм Стамбул арасында әмелий бирге ислесиў алып барылмақта.

Түркия Өзбекстанның әҳмийетли саўда шериклеринен бири болып есапланады. Соңғы жылларда қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығы нәтийжесинде түрк бизнес ўәкиллери елимиздеги жумысын кеңейитти. 2019-жылы өз-ара саўда көлеми 2,5 миллиард АҚШ долларынан артты.

Ҳәзирги ўақытта Түркия менен 500 миллион долларлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Буннан үш жыл алдын 20 миллион доллар да болмаған. Өткен жылдың өзинде қоспа ширкетлер 500 ге шамалас көбейип, дерлик 1 мың 300 ди қурамақта.

Транспорт тараўындағы бирге ислесиў кеңеймекте. Соның ишинде, 2019-жылы автомобильде жүк тасыў 33 процентке, темир жолда 17 процентке, ҳаўа қатнаўлары арқалы 42 процентке артты. Бүгинги күнде Стамбулдан Ташкент ҳәм Самарқандқа пәрўазлар әмелге асырылмақта. Келешекте Бухара қаласына да пәрўазлар режелестирилген.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Түркия ҳүкиметлераралық комиссиясы экономикалық байланысларын кеңейтиў, аймақлар ҳәм тармақлар арасында бирге ислесиўди беккемлеўге жәрдемлеспекте. Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекетте өтимли болған жоқары қосымша қунлы өнимлерди жеткерип бериў ҳәм узақ мүддетли инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы өз-ара саўда көлемин үзликсиз арттырып барыў ҳәм диверсификациялаў бойынша избе-из илажлар көрилмекте.

Сөйлесиўде өз-ара пайдалы имканиятларды иске қосыў, жаңа жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў ушын Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислерин турақлы өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Түркия раўажланған тоқымашылық санааты менен де белгили. Мәмлекетимизде Түркияның жетекши компаниялары менен тоқымашылық кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм жетистирилип атырған пахтаны толық қайта ислеп, таяр өним ушын сертификатлаўды енгизиў ҳәм жәҳән базарына бағдарлаў мөлшерленбекте. Буның ушын Эге, Окан ҳәм Стамбул техника университетлери менен сөйлесиўлер алып барылмақта.

Ушырасыўда транспорт байланысларын кеңейтиў, Түркия арқалы Европаға мультимодаль халықаралық тасыўларды жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Интенсив бағшылық, балықшылық, шарўашылық, нәсилшилик бағдарларында Түркияның алдынғы тәжирийбесин өзлестириў, университетлер ҳәм илимий орайлар менен қоспа изертлеўлер алып барыў мәселелерине тоқтап өтти.

Мәмлекетлеримиз арасында дослық байланысларын және де беккемлеўде мәдений-гуманитарлық илажлар, ҳәр қыйлы фестивальлар әҳмийетли орын ийелейди. Түркия мәденияты ҳәм көркем өнери ўәкиллери Самарқандта өтетуғын «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалында турақлы қатнасады. Сондай-ақ, түрк әмелий көркем өнери ҳәм фольклорыниң үлгилери елимизде биринши рет өткерилген Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы, Өнерментшилик фестивалында да өзиниң көркем өнери ҳәм мәденияты үлгилерин усынды.

Денсаўлықты сақлаў ҳәм медициналық билимлендириў тараўларында, жетекши изертлеў орайлары арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм профессиональ кадрлар таярлаў бағдарындағы бирге ислесиў де үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда өткен жылы Бухара мәмлекетлик медициналық институтында халықаралық факультет шөлкемлестирилип, 131 студент оқыўға қабыл етилгенин атап өтиў орынлы. Түркия менен бирге ислесиўде бундай қоспа билимлендириў дәргайларын көбейтиў, аймақларда медицина дәрежесин арттырыў ҳәм халықты сапалы медициналық хызмет пенен қамтып алыў, медициналық туризмди раўажландырыў режелестирилмекте.

Президентлер Өзбекстанда онкогематология, кардиохирургия, офтальмология бағдарларында заманагөй қоспа клиникалар ҳәм диагностика орайларын шөлкемлестириў, киши бизнес, тоқымашылық сыяқлы бағдарларда қоспа билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, кластерлер ушын қәнигелер таярлаў усынысы бойынша пикир алысты.

Соңғы жылларда Түркиядан  туристлер ағымы еки есеге артты. Соның ишинде, өткен жылы 64 мың түркиялы турист мәмлекетимизге келди.

Қызғын руўхта өткен ушырасыўда еки тәреплеме сиясий байланыс ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеўге умтылыў исенимли екенлиги және бир мәрте тастыйықланды. Тәреплерди қызықтырған регионналық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысының Түркияға сапар етиўи шеңберинде усы күни Анкара қаласында Жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Түркия стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

Бул кеңес еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа байланыс форматы болып есапланады. Ол 2018-жылы мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўине муўапық дүзилген.

Кеңес өз жумысын Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлериниң басшылығында алып барады. Сиясат, қәўипсизлик ҳәм қорғаныў, саўда ҳәм экономика, инвестиция, туризм, энергетика, транспорт ҳәм транзит, аўыл ҳәм тоғай хожалығы, мәденият, билимлендириў, илим ҳәм техника, инновациялар, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да өз-ара пайдалы тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў стратегиясын белгилейди.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан –Түркия ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссиясы баслықлары ерисилген нәтийжелер ҳаққында усы кеңеске турақлы мәлимлеме киргизип барады. Өзбекстан сыртқы ислер министрлиги ҳәм Түркия сыртқы ислер министрлиги кеңесиниң муўапықластырыўшы уйымлары есапланады.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон мәмлекетимиз басшысын сапар етип келгени менен қутлықлап, мәмлекетлеримиз парламентлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы қарым-қатнасықлар беккемленип атырғанлығынан қанаатланатуғынлығын билдирди. Түркия ҳәм Өзбекстанның қоспа жойбарларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз делегациясына көрсетилип атырған миймандослық ҳәм шексиз ҳүрмет ушын Түркия басшысы ҳәм халқына миннетдаршылық билдирди.

– Бул ушырасыў стратегиялық шериклигимиздиң жоқары басқышқа көтерилгениниң айқын дәлили болып есапланады. Мәмлекетлеримиз арасында өз-ара товар алмасыў көлемин жақын жылларда бес миллиард долларға жеткериўге қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды орынлаўда да усы кеңес, әлбетте, әҳмийетли резерв болады. Биз бүгинги мәжилис нәтийжелерин беккемлеп, келеси жылы болып өтетуғын ушырасыўдың күн тәртиби ҳәм бирге ислесиўимиздиң тийкарғы бағдарлары ҳаққында ҳәзирден ойласыўымыз мақсетке муўапық, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан менен Түркияның бирге ислесиўи, әсиресе, соңғы үш жылда бир қанша жеделлести. Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл октябрь айында Түркияға ҳәм Режеп Таййип Эрдўғонның 2018-жыл апрельде Өзбекстанға мәмлекетлик сапар етиўлери өз-ара сиясий исенимди беккемлеп, нәтийжели бирге ислесиўге кеңнен жол ашты.

Избе-из қарым-қатнаслар ҳәм бир мақсеттеги умтылыўлар нәтийжеси бирге ислесиўдиң раўажланыўында анық көзге тасланбақта.

Еки мәмлекет басшыларының қоллап-қуўатлаўы ҳәм жаратылып атырған шараятлар нәтийжесинде бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте Өзбекстан ҳәм Түркия саўда министрлери сөзге шығып, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыўы ҳаққында толық мәлимлеме берди.

Сөйлесиўлерде мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиўине байланыслы барлық мәселелер ҳәм олардың шешимлери, перспективадағы тийкарғы ўазыйпалар және қоспа жойбарлар келисип алынды.

Шавкат Мирзиёев Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў ушын Режеп Таййип Эрдўғонды Өзбекстанға мирәт етти.

Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдўғон Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилисиниң нәтийжелери ҳаққындағы Биргеликтеги билдириўге қол қойды. Сондай-ақ, экономика, саўда, технологиялар тараўына байланыслы ҳүжжетлерге қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын өткерилген брифингте Режеп Таййип Эрдўғон Өзбекстан Республикасы Президенти сапарынан қанаатланғанын билдирди.

-Илими, дөретиўшилиги менен дүньяға жақсылық таратқан Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Әли Қусшы, Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы бабаларымыз топырақларынан сәлем келтирген бул инсанлардың келиўи биз ушын оғада әзиз ҳәм қәдирли болып есапланады. Өзбекстан менен қатнасықларымыз беккем туўысқанлық сезимлерине сүйенген ҳалда, стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин қәдирлеймиз, – деди Түркия Президенти.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан – Түркия стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилиси дослық байланыслар тарийхында жаңа бет ашқанлығы, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, мәдений-гуманитарлық тараўларға байланыслы көплеген мәселелер ҳәр тәреплеме додаланғанын атап өтти.

– Қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселеси қарым-қатнасымыздың орайлық темаларынан бири болды. Түркияның жетекши компаниялары менен баҳасы бир миллиард доллардан аслам болған жойбарлар ислеп шығылмақта. Бул процессти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға келисип алдық, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Көпшилик регионналық ҳәм халықаралық машқалалар бағдарында, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Түркий тиллес мәмлекетлер кеңеси шеңбериндеги бирге ислесиўге байланыслы көзқараслар бирдей екенлиги атап өтилди. Заманагөй қәўип ҳәм қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде де қарым-қатнасты күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Ағартыўшы исламды үгит-нәсиятлаў, мәденият, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт тараўларында биргеликте илажлар өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Туўысқан халықларымыздың раўажланыўы, тыныш ҳәм абадан турмыс жолында  раўажланып баратырған дәстурий дослық, кең көлемли және перспективаға мөлшерленген бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў ушын барлық имканиятларымызды жумсаўға таярмыз. Әне усы принциплер сөйлесиўлердиң жуўмағында қол қойылған Биргеликтеги билдириўде өз көринисин тапты, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы сапар етиў шеңберинде 20-февраль күни Түркияның жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыўы, Түркия Республикасы Президенти китапхана комплексиниң ашылыў мәресиминде қатнасыўы режелестирилген. Бул илажлар Түркия менен экономикалық бирге ислесиўде жаңа бет ашады, билим орайына келген халықларымыздың өз келешегин жоқары мәнаўият, мәңги халықшыл қәдириятлар, билим ҳәм мәрипат арқалы көрип атырғанының көриниси болады.

 

ӨзА