Усы жыл 20-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң шөлкемлестирилиўине бағышланған  мәжилис болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм усы жылдың 12-февраль күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын жетилистириў, мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жынаятшылықтың алдын алыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы үш жылда мәҳәлле системасын раўажландырыў бойынша алып барылған жумысларға айрықша итибар қаратылды. Атап айтатуғын болсақ, мәҳәлле институтына байланыслы 38 нызам ҳәм нормативлик ҳүжжетлердиң қабыл етилгени, 50 ден аслам ҳүжжетлердиң қайта көрип шығылғаны, жәмийетлик турмыста пидайылық көрсетип киятырған тараў хызметкерлерине мәмлекетлик сыйлықлардың берилгени, пуқаралар жыйынлары баслықлары менен хаткерлериниң айлық мийнет ҳақысы өткен жылдың өзинде 1,5 есеге көбейгени ҳаққында сөз болды. Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен тараўдағы кемшиликлер ҳәм машқалалар бирме-бир саналып, мәҳәлле системасы сынға алынды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары У.Исмаилов, Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары Б.Парпиев шығып сөйлеп, жаңа министрликтиң алдына қойылған ўазыйпалары ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында мәҳәлле системасы ҳәм профилактика инспекторларының жумыс структурасын өзгертиў, мәҳәллелерде тынышлық ҳәм абаданластырыўға итибарды күшейтиў, мәҳәллелердиң жумысын «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында жолға қойыў, мәҳәлле баслықлары менен профилактика инспекторларының тығыз байланысын тәмийинлеў, ҳәр бир үй, шаңарақтың жағдайынан хабардар болыў, олардың машқалаларын сапластырыўға байланыслы анық тапсырмалар белгилеп берилди. Усы тийкарда Ҳүрметли Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, министрлик өз жумысын басламақта. Қарар тийкарында Қарақалпақстанда да усындай министрликти шөлкемлестириў белгиленип, оның үлги структурасы тастыйықланды. Әҳмийетлиси, министр лаўазымына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары статусы берилмекте.

Мәжилисте министрликке тайынлаўлар әмелге асырылып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы С.Турманов Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри лаўазымына тайынланды. Министрдиң биринши орынбасары етип М.Ахмедова, орынбасарлары лаўазымына Ш.Уснатдинов ҳәм Ө.Турдыбаевлар тайынланды.

Илажда тайынланып атырған министр ҳәм оның орынбасарлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Жоқарғы Кеңес депутатлары К.Каримов, Ф.Ибадуллаев, Б.Абдуллаев ҳәм З.Реймова, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев пикир билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги