ҚАРАР ҲӘМ ОНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ
Елимизде соңғы жыллары жеке мүлкти қорғаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, миллий нызамшылығымыздағы бар ҳүжжетлерге тийисли өзгерислер және қосымшалар киргизилип, айырымлары жаңадан қабыл етилди. Солардың ишинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлк ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў және жер участкаларын алып қойыў ҳәм компенсация бериў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық, быйылғы жылдың 1-январынан баслап мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик талаплар ушын жер участкалары алып қойылыўының жаңа талаплары енгизилди.
Соған муўапық,
-жер участкалары ямаса оның бир бөлегин алып қойыў жер ийесиниң келисими менен ямаса жерден пайдаланыўшы ҳәм ижарашы менен келискен ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларына тийкарланып әмелге асырылыўы;
-алып қойылатуғын жер участкасында жайласқан көшпес мүлк объектин бузып таслаў ҳаққындағы қарар әдиллик уйымларының унамлы шешими бар болғанында ғана қабыл етилиўи;
– жер участкасын алып қойыў интакери ҳәм алып қойылатуғын жер участкасында жайласқан көшпес мүлк объектиниң мүлк ийеси арасында дүзилетуғын жерди алып қойыў мүнәсибети менен компенсация бериў ҳаққындағы келисим мәжбүрий тәризде нотариал тастыйықланыўы;
– көшпес мүлк объектин бузып таслаў ҳаққындағы қарарды қабыл етиўге алып қойылатуғын жер участкасында жайласқан көшпес мүлк объектин мүлк ийесине келисимде, келиспеўшилик болған жағдайларда болса судтың қарарында, белгиленген компенсация толық усынылғаннан кейин жол қойылатуғынлығы қатаң белгилеп қойылған. Усы сыяқлы нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи елимизде исбилерменлик орталығының буннан былай да артыўында, сырт елли инвесторларды тартыўда өз үлесин қосыўында және жеке мүлктиң беккем қорғалыўын тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болып табылады.
Жеке мүлктиң қорғалыўы ҳаққында сырт еллердиң интернет тармақларынан алынған айырым қызықлы мағлыўматларды келтирип өтиўди мақул көрдик.
ЖОЛ ОРТАСЫНДАҒЫ ЖАЙ
Бул жайда жасайтуғын бир нешше кексе адамлар көшип кетиўден бас тартқан. Ло Баогэн ҳәм оның өмирлик жолдасы ҳүкиметтиң компенсация пулы аз болыўына исенгенлиги себепли Қытайдың Венлинг қаласында ярымы бүлинген жайда қалыўды мақул көрди. Енди машиналар бес қабатлы жайды айланып өтиўге мәжбүр болмақта.
ВАШИНГТОНДАҒЫ ЖАЙ
Жай ийеси Остин Спригтс көп қабатлы жайлар ҳәм офислерди қурыўда көшпес мүлкти сатыўдан бас тартқан. Архитехтура компаниялары 1980-жылдан берли жайды сатып алыў ушын миллионлап доллар усынған. Жайдың ийеси оны ҳәр қандай баҳада сатыўдан бас тартқан. Арадан төрт жыл өткеннен соң, жайдың әтирапында айна, полат ҳәм гербиштен салынған бийик имаратлар қурылды. Банк тәрепинен қарыйдарды гиреў пулы төлеў ҳуқықынан айырыў менен қорқытқаннан соң, Спригтс 1,5 миллион долларға жайды сатыўға қойған. Бул баҳа оған қашшан усынылған еди. Бирақ, 2011-жылы жай тек ғана 750 мыңға сатылған.
ШУҚЫРЛЫҚТАҒЫ ЖАЛҒЫЗ ЖАЙ
Бул үш қабатлы жай Хубэй ўәлаятының Ичане қаласында қурылысшылар тәрепинен жоқары технологиялы санаат паркиниң тырнағын қазыўдан кейин жүзеге келген шуқырда жайласқан болып, көшиўден бас тартқан ҳәм қурылысшылар менен айқасып киятырған Янг исмли қытайлыға тийисли. 2012-жылы Янг ҳәкимияттан компенсация пулын талап ете алмаған ҳәм қурылысшылар жайды суў ҳәм электр тармағынан үзип таслаған. Янг ҳәм оның шаңарағы суўды бир километр узақлықтағы дәрьядан алып келеди ҳәм электр орнына шам ҳәм керосин лампаларынан пайдаланады.
ТЕЗ ЖҮРЕР ТРАССАДАҒЫ ЖАЙ
2015-жылы қурылысшылар Қытайдың Чжэцзян провинциясында еки көп қабатлы жай ийелериниң басқа жайға көшип өтиўинен бас тартқанлығы себепли, жайлардың әтирапынан 15 миллион долларлық жол қурыўға мәжбүр болды. Жергиликли халықтың қарсы жуўабы нәтийжесинде қурылысшылар көп миллионлық жойбарға өзгерис киргизип, жолларды өзгертиўге туўра келди.
САЎДА ОРАЙЫНДАҒЫ ЖАЙ
Сиэтл шетинде жайласқан Баллерде қаласында үлкен саўда орайы жайласқан болып, оның ортасында әжайып тарийхқа ийе ески жай орналасқан. Қурылысшылар 84 жасар Мейсфилдтиң еки қабатлы жайын бузып, саўда орайын қурыўды режелестирилгенин айтқанда, ҳаял бир миллион долларлық усыныстан кейин де қарсы жуўабын берген. Қурылысшылар жайдың әтирапында саўда орайын қурыўдан басқа илажы жоқ еди. Ҳаял қурылыс инженери Барри Мартино менен досласады ҳәм ол Эдитке қарасады, аўқат, дәри-дәрмақ алып келеди. Бир күни ол, ҳәттеки, жағдайы төменлеген ҳаялды емлеўханаға алып барады. Өлиминен соң, ол Барридиң жайын мийрас етип алғанлығы мәлим болады. Бүгинги күнде бул жайда офис, музей жайласыўы мүмкин.
ТӨБЕЛИКТЕГИ ЖАЙ
2012-жылы және бир жубайлар Шаньдун провинциясының Цзинань қаласында қурылысшы менен дусласады. Нәтийжеде, олардың жайларының әтирапында бийик имаратлар қурыў жедел даўам етип атырған болса да, ол жер участкасын қайтарып алған. Жай 2009-жылы қурылысы басланғанынан кейин дәрҳал коммунал тармақларынан үзилген.
АВТОМАГИСТРАЛДАҒЫ ПАНОРАМА КӨРИНИСИНДЕГИ ШЕГЕ-ЖАЙ
Қурылысшылар төрт қатарлы автомагистрал қурыўда, бир нешше шаңарақлар өз жайларын таслап кетиўден бас тартқанларында усы жолды қурды. Гуанчжоу қурылысшылары дәрьяның астындағы туннелге алып баратуғын жоллар тармағын қурыўда бульдозерлер менен жайларды бузыўды режелестирген, бирақ халық өзлериниң турақ жайларын көшириўге ҳәм сатыўға қарсылық билдиргенлеринде, олар қурылыс режесине өзгертиў киргизиўге мәжбүр болған.
ҚЫТАЙДА ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҒЫ ӘТИРАПЫНДА ҚУРЫЛҒАН МАГИСТРАЛ ЖОЛ
2014-жылы қурылған автомагистрал қурылысында көплеген халық компенсация алыўға разы болған ҳәм көшип өткен. Бирақ 72 жастағы дийқан У Тан ҳәм оның 71 жастағы өмирлик жолдасы Шен көшиўден бас тартқан. Компания қурылыс кестесин бузбастан, жолды фермаға қарай жеткереди, бирақ, фермер хожалығы магистралда ҳәрекетлениўди қадаған етеди. Жеңил автомашиналар көшпес мүлк әтирапынан айланып өтиўи мүмкин, бирақ үлкен жүк машиналары артқа қайтыўға мәжбүр.
Япониядағы Нарита аэропортында фермер хожалығы жайласқан болып, оның ийеси көшиўден бас тартқан. Ол ушыў-қоныў жолының ортасында жайласқан. Самолётлар ушыў ҳәм қоныўда көшпес мүлкке қатты тәсир етеди. Аэропорт ашылғанлы бери күнине 90 ға шекем самолёт ушып келип, бул жерге қонбақта. Олар ферманың үстинен 40 метр бийикликте ушады. Аэропорт 1978-жылы ашылған. Келиспеўшиликлер ҳәм наразылықлар 39 жыл даўам еткен. 2005-жылы аэропорт ҳәкимшилиги фермерлер менен айтысыўды тоқтатты. Жуўмақлап айтқанда, соңғы жыллары елимизде алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде пуқаралардың сана-сезими ҳәм дүньяқарасы сезилерли өзгергенлиги көзге таланбақта. Жеке мүлкке болған ҳуқық ҳәм оның қорғалыўы күшейтилди.
Жоқарыда атап өтилген ҳүкимет қарарына тийкарланып, енди мүлк ийесиниң көшпес мүлк объектин бузып таслаў ҳаққындағы қарар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ямаса тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң жер участкасы алып қойылыўы ҳаққындағы қарары тийкарында басламашылар және мүлк ийелери арасында Келисиў дүзилгенинен және келисимде нәзерде тутылған компенсация берилгеннен соң қабыл етилиўи қатаң белгилеп берилди. Бул болса өз гезегинде, елимизде исбилерменликтиң раўажланыўына, сырт ел инвесторлары санының артыўына ҳәм әлбетте экономикамыздың турақлылығын тәмийинлеўге өз үлесин қосады.
А.КАМАЛОВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жетекши инспекторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.