Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева халық депутатлары  Жиззах ўәлаятлық Кеңесиниң депутатлары менен өткерген ашық сөйлесиўинде усы ҳаққында айтты.

Сенат Баслығы депутатлар алдында жасаған баянатында жергиликли Кеңеслердиң алдында Президентимиздиң Олий Мажлиске усынған Мүрәжатынан келип шығатуғын әҳмийетли ўазыйпаларға ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңеслердиң жумысын жанландырыў ўақты келгенине айрықша итибар берилди.

Сайлаўшылардың исенимин ақлаўда, Мүрәжатта белгилеп берилген ўазыйпаларды әмелге асырыўда барлық дәрежедеги депутатлардан үлкен жуўапкершилик талап етиледи. Енди халық депутатлары жергиликли Кеңеслери де, олардың турақлы комиссиялары да өз жумыс усылларын пүткиллей өзгертиўи керек. Жақын ҳәм узақ перспективадағы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыў, сайлаўшылар тәрепинен сайлаўалды ушырасыўларында көтерилген машқалаларды  шешиў менен избе-из шуғылланыў жумыстың тийкарғы ўазыйпасына айланыўы керек.

5.JPG

Сенат Баслығы өзиниң шығып сөйлеўинде енди ҳәр айда жергиликли Кеңеслерде халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, нызам, пәрман ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жуўапкер уйым ҳәм шөлкемлердиң мәлимлемелери тыңланып, жумысы қанаатландырарсыз деп табылған басшыларға тийисли илажлар көриў әмелияти енгизилиўи зәрүр екенлигин айтып өтти. Президентимиз тәрепинен Кеңес сораўы институтын енгизиў усынысы киргизилгени ҳәм усы бойынша да нызамшылыққа өзгерис киргизиў мақсетинде жумыслар баслап жиберилгенлиги атап өтилди.

– Жаңа Өзбекстанды қурыў тек мақсеттиң өзи ғана емес, анық ҳәрекетлерде өз көринисин табады, – деди Т.Норбоева. – Соңғы жылларда еркинлик, ашық-айдынлық турмысымыздың мазмунына айланып атырғанлығын халқымыз енди өз турмысында сезбекте. Бул мәмлекетимизде алып барылып атырған демократиялық реформалардың нәтийжеси болып есапланады. Бүгинги күнде адамлар емин-еркин өз машқалаларын мәмлекетлик уйымлардың алдына көнделең қоймақта. Депутатлар әне усы  өзгерислердиң шөлкемлестириўшиси, интакери болыўы керек. Бул ушын халық депутатлары Кеңеслери үлкен ўәкилликке ийе.

Әнжуманда, сондай-ақ, депутат сораўы, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламына ғамхорлықты арттырыў, орынларда депутатлар бөлмеси жумысын жолға қойыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

6.JPG

Мәжилисте шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары Нусратулла Пардаев, Холида Алимова, халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясы Эркин Эргашев, ўәлаятлық Кеңес депутатлары Абдумажид Сатторов, Талъат Усмонов ҳәм басқалар жергиликли Кеңеслердиң жумысын және де жетилистириў бойынша өзлериниң әмелий усынысларын билдирди.

Ушырасыў жуўмағында Жиззах ўәлаятының ҳәкими Эргаш Солиев Сенат Баслығы менен өткерилген сөйлесиў халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысында үлкен әҳмийетке ийе болатуғынын атап өтти.

 

Т.БЕКНАЗАРОВ

ӨзАның хабаршысы