Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Респибликасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мирәт етиўине бола 19-20-февраль күнлери усы мәмлекетте болады.
Сапар етиў бағдарламасына муўапық, Анкара қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер және Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлери басшылығында еки тәреплеме Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтеди.
Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, финанслық, транспорт-коммуникация, билимлендириў, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм перспективалары көрип шығылады. Сондай-ақ, регионналық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылады.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Түркияның жетекши компанияларының басшылары менен ушырасады. Түркия Республикасы Президентиниң китапханасы комплексиниң салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасады.
ӨзА