Усы жылдың 13-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлигинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық басқармасының басламасы менен бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржысын алыўшылар тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўды әмелге асырыў ўақтында «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамларында белгиленген ҳуқықлардан, тәртип-қағыйдалардан пайдаланыў усыллары, мәмлекетлик сатып алыўларды өткериўде ашық-айдынлықты, сондай-ақ, саламат бәсеки орталығын жаратыўды тәмийинлеў бойынша семинар өткерилди. Онда республикамыздағы бюджет мәкемелериниң баслықлары ҳәм есапшылары, басқарманың жуўапкер хызметкерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық басқармасы баслығы Т.Мадреймов, басқарманың Әмелият бөлими баслығы Т.Якубов, Ғазнашылық операцияларын мониторинг етиў бөлиминиң баслығы Б.Жумамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи мүнәсибети менен жергиликли бюджетлердеги өзгерислер», «Мәмлекетлик сатып алыўлар, келешектеги ўазыйпалар», «Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, Мәмлекетлик сатып алыўлар системасын әмелге асырыўда программаларда жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм олардың келип шығыў себеплери»не тоқтап өтти.
Баянатларда атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бюджет бойынша жойбар халықаралық стандартларға муўапық таярланып, биринши мәрте Нызам болып қабыл етилди. «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен өткен жылдың 21-ноябринде қабыл етилип, Сенат тәрепинен 30-ноябрьде мақулланды.
Президентимиздиң 2019-жыл 5-декабрьдеги «Мәмлекетлик сатып алыўлар системасын және де жетилистириў ҳәм мәмлекетлик сатып алыў процесине исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2020-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик буйыртпашыларға электрон дүканның қосымша бетинен пайдаланған ҳалда мәмлекетлик сатып алыўларды аймақлар кесиминде жергиликли ислеп шығарыўшылар арасында әмелге асырыў ҳуқықы берилди. Бунда электрон дүканның қосымша бетиндеги сатып алыўдың тәртиби бойынша товар жоқлығы себепли шәртнама дүзилмеген болса, мәмлекетлик буйыртпашы электрон дүканның тийкарғы бетинен пайдаланбастан еркин түрде таңлап алынған жеткерип бериўши менен тиккелей шәртнама дүзиўге ҳақылы емеслиги белгилеп берилген. Усыған бола, «Миллий исбилерменлердиң аймақлық электрон саўда порталы» өз жумысын баслады. Мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўдың автомат усылы жолға қойылды.
Тараўдағы бундай өзгерислер бюджет процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, пуқараларымыздың бул тараўдағы саўатлылығын арттырыў бағдарындағы әҳмийетли қәдем болды.
Семинарды өткериўден мақсет – нызамшылығымызда болып атырған өзгерислерди халқымызға, бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын жуўапкер хызметкерлерге жеткериў, мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда электрон мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў механизминиң (электрон дүкан, электрон аукцион) енгизилгени ҳәм олардың абзаллықлары менен қолайлықлары ҳаққында мағлыўмат бериў, бюджет қаржыларынан пайдаланыўдың ақылға уғрас, үнемли ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўына ерисиў, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыў процесине исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў болып табылады.
Илажда 2020-жылда дәрамат ҳәм қәрежетлердиң республика, ўәлаятлар, районлар менен қалалар бюджетлери арасында бөлистирилиўи, тараў қәрежетлерин режелестириў ҳәм қаржыландырыўда жаңа механизмлерди енгизиў, электрон программаларды жетилистириў бағдарлары қызғын додаланды. Басқарма хызметкерлери, бюджет мәкемелериниң есапшылары ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен пикир-усыныслар билдирип өтилди.
Семинар жуўмағында бюджет системасын реформалаўда, бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеўде билдирилген усыныслар итибарға алынатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.