Россияның «Культура» телеканалы Өзбекистанда, соның ишинде, Қарақалпақстанда мәденият ҳәм көркем өнердиң раўажланыўы туўралы 39 минуттан ибарат ҳүжжетли фильмди сүўретке алыў мақсетинде елимизге келди.

Өзбекистан Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм Россияның «Культура» телеканалы дөретиўши топар ағзалары өз жумысын 30-ноябрь күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде рус ҳәм өзбек художниклериниң портрет жанры бойынша шөлкемлестирилген көргизбе менен танысыўдан баслады.

Қарақалпақстан Республикасында тарийхый-мәдений естеликлер оғада көп. Олар дүньяның көплеген еллеринен келип атырған туристлердиң дыққат-итибарында өзине тартпақта. Ҳүжжетли фильм объектлери етип Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиндеги жас художниклердиң дөретпелери менен танысыў ҳәм Хожели қаласындағы «Миздаххан» естелиги таңланған.

«Культура» телеканалы дөретиўшилик топары Мойнақ районында да болды.

Мағлыўмат орнында айтатуғын болсақ, дөретиўши топардың усы илажлары ҳүжжетли фильмди сүўретке алыўдың биринши басқышы болып, соңғы басқыш болса, келеси жыдың март айында даўам еттириледи.

Еслетип өтемиз, усы жылдың апрель айында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Россия Федерациясына сапар етиўи шеңберинде И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи тәрепинен Москвадағы А.С.Пушкин атындағы сүўретлеў көркем өнери музейинде (5-апрельден 31-майға шекем) «Нөкис ғәзийнеси» атлы көргизбе шөлкемлестирилген еди.

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги