«Өзбекнефтьгаз» АЖға қараслы Үстирт газ қазып шығарыў басқармасының Арқа Бердақ кәниндеги 83- ҳәм 84-санлы қудықларында бурғылаў жумыслары жуўмақланды.
Қудықларды өзлестириў нәтийжесинде ҳәр бир қудықтан күнлик 50 мың метр куб муғдарында тәбийғый газ ағымы алынды.
Ҳәзирги ўақытта усы қудықларды «Шығыс Бердақ» газди комплексли таярлаў қурылмасына бериў мақсетинде газ коллекторына жалғаў жумыслары алып барылмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.