Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-февраль күни мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болған Америка Қурама Штатларының мәмлекетлик хаткери Майкл Ричард Помпеоны қабыл етти.
Президент Шавкат Мирзиёев кейинги жылларда турақлы, системалы түрге енген ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған көп қырлы Өзбекстан – АҚШ қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанлығын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўирин баслап берген 2018-жыл май айында АҚШқа жоқары дәрежедеги тарийхый сапар ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде өз-ара алмасыўлар жеделлескенлиги айрықша атап өтилди.
Конструктивлик, соның ишинде, регионналық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша сиясий байланыс жолға қойылды. Саўда-экономикалық, инвестициялық, технологиялық, финанслық, аграр, энергетикалық, билимлендириў, ҳуқықты қорғаў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў кеңеймекте.
Кейинги бир неше жыл даўамында товар алмасыў көлеми еки есеге көбейди. АҚШтың жетекши компанияларының қатнасыўында мәмлекетимиз экономикасының түрли тармақларында перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Америка инвестицияларының улыўма баҳасы 1 миллиард доллардан артты.
Быйылғы оқыў жылынан баслап мәмлекетимизде Вебстер университетиниң филиалы өз жумысын баслады.
АҚШтың мәмлекетлик хаткери, өз гезегинде, қызғын қабыллағаны ушын Президентимизге терең миннедаршылық билдирди және Президент Дональд Трамптың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
АҚШ тәрепи Өзбекстанның ғәрезсизлигин, суверенитетин ҳәм аймақлық бир пүтинлигин бәрқулла қоллап-қуўатлаўда исенимли екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.
Майкл Помпео Өзбекстанда алып барылып атырған демократиялық жаңаланыўлар ҳәм экономикалық реформалардың нәтийжелилигин жоқары баҳалады.
Мәмлекетлик департамент басшысы, сондай-ақ, Өзбекстанның турақлы раўажланыўы еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў жолында беккем тийкар жаратып атырғанлығын атап өтти.
Ушырасыўда регионналық әҳмийетке ийе мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетлик хаткер Ташкентте Орайлық Азия ҳәм АҚШтың сыртқы ислер министрлериниң гезектеги ушырасыўы табыслы өткерилгени менен қутлықлады.
Жаңа Өзбекстан басшысының сиясаты себепли регионда исеним, шериклик ҳәм жақсы қоңсышылық орталығын қәлиплестириўде үлкен нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди. 2019-жыл ноябрь айында пайтахтымызда болып өткен Орайлық Азия мәмлектлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўының нәтийжели табыслары айрықша атап өтилди.
Экономика тараўында АҚШтың жетекши компанияларының Өзбекстан базарындағы қатнасын кеңейтиўди өз-ара қоллап-қуўатлаў бойынша анық келисимлерге ерисилди.
Майкл Помпео бүгинги күнде мәмлекетимизде саўда-экономикалық бирге ислесиў көлемин бир неше он есеге арттырыў имканиятын беретуғын бизнес басламалары ушын кең мүмкиншиликлер бар екенлигин атап өтти.
Буннан тысқары, АҚШ мәмлекетимиздиң Дүнья саўда шөлкемине кириў процесин жеделлестириўге ҳәр тәреплеме жәрдем беретуғыны атап өтилди.
Инсан потенциалын раўажландырыў, соның ишинде, пуқаралық жәмийетти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, жәмийетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда конструктивлик бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Аўғанстанда тынышлық орнатыў, сондай-ақ, усы мәмлекетти Орайлық Азиядағы регионналық бирге ислесиўге тартыў мәселелери бойынша толық пикир алысылды.
Майкл Помпео Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылыққа ерисиў, мәмлекетти социаллық-экономикалық тиклеўге байланыслы анық инфраструктура жойбарларын алға қойыўға қаратылған жедел хәрекетлерин қоллап-қуўатлады.
Ушырасыў соңында тәреплердиң Өзбекстан Республикасы ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиў қатнасықларын ҳәр тәреплеме беккемлеў бағдарындағы умтылыслары исенимли екенлиги атап өтилди.
ӨзА