ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Жаслар қанаты» тәрепинен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды көбирек кәсип-өнерге, исбилерменликке тартыў мақсетинде Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайы менен биргеликте Нөкис қаласындағы «Кардар» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине саяхат шөлкемлестирди.

Ол жерде кәрхана баслығы М.Шимбергенов кәрханада ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳәм жумыс барысы менен жасларды жақыннан таныстырды. 2015-жылдан берли жумыс ислеп турған бул кәрханада тийкарынан темир дәрўазалар ҳәм қапылар, ҳәр қыйлы темир буйымлар ислеп шығарылады.

Бул кәрхана Европа стандартларына толық жуўап беретуғын өнимлерди ислеп шығаратуғын «Imzo» компаниясының Қарақалпақстандағы ең дәслепки рәсмий диллери болып есапланады. Сондай-ақ, кәрханада үй ҳәм офис ушын алюмин ҳәм пластиктен исленген айналар, қапылар, сыртқы дийўал ушын арнаўлы айналар, МДФ қапылар ислеп шығарылмақта.

Ҳәзирги күнде кәрханада 250ден аслам жаслардың бәнтлиги тәмийинленген. Өнимлери тийкарынан Қазақстан ҳәм Тәжикистанға экспорт етилмекте.

Саяхат даўамында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.