2019-жылдың январь-декабрь айларында жалпы аймақлық өним өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 18735,7 миллиард (106,8%), санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 12729,7 миллиард сумды (105,0%) қурады.
– Атап айтқанда, аймақлық санаат 9727,0 миллиард сумды (108,9%) қурады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министри И.Маткаримов. – Тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 2234,9 миллиард сум (104,3%), аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы өнимлериниң көлеми 8108,4 миллиард сум (106,6%), қурылыс жумысларының көлеми 3202,8 миллиард сум (123,8%), усақлап сатыў айланбасы 5633,4 миллиард сум (110,8%), жәми хызметлер 5584,6 миллиард сум (112,0%), аймақлық экспорт көлеми 67,9 миллион долларды (165,2%) қурады.
Бул көрсеткишлердиң көпшилиги 2019-жылға белгиленген реже көрсеткишлерине салыстырғанда жоқары болды.
Жоқарыда атап өтилген көрсеткишлердиң халықтың жан басына салыстырғанда, жалпы аймақлық өним өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 124,8, санаат 114,9, тутыныў товарларын ислеп шығарыўдың көлеми 137,0, аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми 114,2, усақлап сатыў айланбасы 109,1, жәми хызметлер 110,3, орташа мийнет ҳақы 126,2 процентти қурады.
2020-жылдың январь-декабрь айларында
– жалпы аймақлық өним 21669,3 миллиард сум (104,8%),
– санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 12449,1 миллиард сум (104,0%),
соннан:
– аймақлық санаат 3037,0 миллиард сум (108,0%),
– тутыныў товарларын ислеп шығарыў 2135,4 миллиард сум (106,8%),
– аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы өнимлериниң көлеми 7530,2 миллиард сум (104,0%ке),
– қурылыс жумысларының көлеми 2864,8 миллиард сум (107,8%),
– усақлап сатыў айланысын 5193,6 миллиард сум (108,5%),
– жәми хызметлер 5961,3 миллиард сум (116,1%),
– аймақлық экспорт көлеми 84,4 миллион долларды (124,3%) қураўы режелестирилмекте.
Алдымызға қойылған ўазыйпалар әмелге асырылыўы нәтийжесинде, республикамыздың социаллық-экономикалық турмысының буннан былай да жақсыланыўына ҳәм халықтың абаданлығының және де артыўына ерисиледи.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.