Мүнәсибет
Мине үш жылдан берли, Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске Мүрәжатын үлкен итибар ҳәм толқынланыўшылық пенен тыңлайман. Ҳәр сапар бул баянатларда атап өтилген уллы жетискенлик ҳәм ўазыйпалар бәринен бурын усындай бийтәкирар елде туўылып өскеним, қолыма қәлем алып, Ўатанға муҳаббатымды ҳәм садықлығымды, халқымның кеңпейиллиги, уллы ата-бабалардың әўлады екенимди өз дөретиўшилигимде билдире алғаным, журналист, депутат, сенатор сыпатында халықтың хызметине жарағанымнан мақтанып етип, кеўлим толып-тасып кетеди.
Бул сөзлер кимгедур әйтеўир бәлентпәрўаз сөзлер сыяқлы түйилиўи мүмкин. Бирақ бул ҳақыйқат. Оны 40 жылға шамалас депутатлық жумысым дәлийллеп бере алады.
Президентимиздиң Олий Мажлис Сенатының биринши мәжилисиндеги «Сенатор – бул бәринен бурын халық ҳәм мәмлекеттиң исенимине ерискен инсан. Ол терең билим, бай турмыслық тәжирийбеге ийе болған, тынымсыз мийнет етип, баслама көрсетип жасайтуғын, халықтың мәплерин бәрқулла биринши орынға қойып, өз тәғдирин елдиң тәғдири менен тығыс байланыслы ҳалда көретуғын шахс болып есапланады» деген сөзлери әйне ҳақыйқат болып есапланады. Сол нәрсени және де терең аңлап түсинип атырмыз, биз енди кешеги депутат, кешеги сенатор емеспиз. Халықтың исеними, Президенттиң исеними биз ушын үлкен пидайылық, жуўапкершилик, күш-ғайрат, садықлық ўатансүйиўшилик, халық пенен бирге болыў, олардың мүшкилин жеңил етиўге жәрдемлесиў болып есапланады. Биз енди жумысымызды тек ғана усы бағдарда алып барыўымыз керек.
Мүрәжат ҳәммемизге жаңа қанат берди. Әсиресе, мәжилисте «Жәмийет – реформалардың басламашысы» деген сөзлер жаңлағанда елимиздеги уллы өзгерислер ҳәммемиздиң көз алдымыздан өтти. Соңғы үш жылда халқымызды разы етиў жолында социаллық-экономикалық тараўларда алып барылған реформалардың нәтийжесин пайтахтымыз Ташкенттен баслап, барлық ўәлаят, район, қала, аўыл ҳәм узақ аўылларда да көриўимиз мүмкин.
Әлбетте мен Қарақалпақстанымызда бул бағдардағы жаңаланыўлардан, дөретиўшилик жумыслардан мақтанғанымды ашық-айдын айтыўым керек. Қарақалпақстанда Президентимиздиң басламалары менен жер асты, жер үсти байлықлары абаданлық ушын хызмет етип атыр. Ески жайлаўлар тикленип атыр. Жайлаўларға суў келип шопанлардың турмысы жаңаланып атыр.
Нөкистеги И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң қәбилетли оқыўшылары жаңадан шығармалар жаза баслады. Олар ҳәттеки инглис, рус тиллеринде дөретиўшилик етеди. Бундай жаслардың дөретиўшилигин «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бетлеринде жәрияланып атырған поэзия, гүрриңлер дәлийллеп турыпты.
Дүньялық билимлерди жасларға халықаралық тәжирийбелерден келип шығып жаңа усылда оқыта баслаған Президент мектеби қарақалпақ жасларының талантын жүзеге шығарып атыр.
«Бир ғана Мойнақ районы мысалында алып қарасақ, «Мўйноқ порлоқ текстил», «Мўйноқ аква саноат» кәрханаларының иске қосылыўы, мәденият сарайының ири оңлаўдан шығарылып, заманагөй көринис ийелегени, футбол стадионы, Ашық театр, «Арал теңизи тарийхы» музейи, мәмлекетлик хызметлер агентлиги районлық бөлиминиң жаңа имараты, көп қабатлы турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылғаны кеўлимизде мақтаныш сезимин оятады.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизиниң әтирапында экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде өткен мәўсимде 1 миллион 125 мың гектарға шамалас жер майданы таярланып, 500 мың гектарға шөлге шыдамлы өсимликлер егилген болса, усы мәўсимде 700 мың гектарға егиў режелестирилген болып, бул бағдардағы ийгиликли жумыслар елимиздиң барлық аймақларынан келген механизатор ҳәм жумысшылардың қатнасыўында қызғын алып барылмақта.
Бундай ири көлемдеги өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар Нөкис қаласы, Қанлыкөл, Бозатаў, Әмиўдәрья, Шымбай ҳәм басқа районларда да жаңа турмыстың даўамлылығын дәлийллемекте.
Ондағы санлар менен мақтаныш етпей болады ма. Президентимиз өз баянатларында Қарақалпақстан жасларының басламаларын айрықша тилге алып өтти.
«Шығыс данышпанларының айтқанындай, «Ең үлкен байлық – бул ақыл, ой-пикир ҳәм илим, ең үлкен мийрас – бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағаллық – бул билимсизлик болып есапланадыӘ» Сол себепли ҳәммемиз ушын заманагөй билимлерди өзлестириў, ҳақыйқый мәрипат ҳәм жоқары мәденияттың ийеси болыў үзликсиз турмыслық талапқа айланыўы керек», деп атап өтти Мәмлекетимиз басшысы.
Ҳақыйқатында да илимди раўажландырыў, жасларымыздың дүньялық илимлерди терең ийелеген болыўы оларды бәркамал инсан болып камалға келиўинде жәрдем береди. Бул болса республиканың социаллық-экономикалық раўажланыўында жаслардың қатнасыўын кеңейтеди. Экономикамыз бәсекиге шыдамлы тараўға айланады. Мине усыларды есапқа алып Президентимиз жаңа 2020-жылға – «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў» жылы деп атама берди. Елимизге мектепке шекемги билимлендириў, орта билимлендириўге үлкен итибар қаратылды. Әсиресе, педагоглардың қәнигелигин арттырыў бул бағдардағы жетискенликлердиң тийкары екени атап өтилди.
Мен Мүрәжатты тыңлап, Президентимиздиң алдынғы жылларда Парламентимизге жоллаған Мүрәжатларын еследим. Усы жерде Президентимиз Мүрәжатларда әйне ҳақыйқатты – яғный халықтың кеўлиндеги арзыў-нийетлерин, халық тилге алып атырған машқалаларды ашық-айдын көрсетип береди және оларды сапластырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды да белгилейтуғынын айрықша атап өтиў керек.
Мүрәжатта жоқары оқыў орнына кирип оқыйман деген жасларымыз ушын 2020-жылы Жоқары билимлендириўди қамтып алыў 25 процентке жеткерилетуғынын, мәмлекетлик грантлар 2 есе көбейтилетуғынын еситкен халқымыздың кеўиллери таўдай көтерилди.
Әсиресе кем тәмийинленген халықты қоллап-қуўатлаў да дыққат орайында болды. Мениң ең үлкен нийетим сол, – деди Мәмлекетимиз басшысы, – Елимиздиң ишинде ҳәр бир инсан өзиниң «Киши Ўатаны» – турақ жайға ийе болса, бизден халқымыз да, Жаратқан да разы болады.
Бул кем тәмийинленген халықты қоллап-қуўатлаўдың ең айқын көриниси болып есапланады. 16 мың шаңараққа турақ жайға ийе болыўы ушын басланғыш төлем, – кредит процентин қаплаўға бюджеттен 1 триллион сум субсидия ажыратылатуғынын еситкен пуқараларымыз әлбетте бундай ғамқорлықтан қуўанып, төбеси көкке жетип атыр.
Мәмлекетимиз басшысы Мүрәжатта «Биринши гезекте халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм оның социаллық жақтан қорғалыўын күшейтиў – биз ушын баслы ўазыйпалардан бири болып қалады», – деп атап өтти.
Әсиресе елимизде кәмбағаллықты азайтыўға бағдарланған тийкарғы ўазыйпаларға да тоқтады.
Президентимиз «Кәмбағаллықты азайтыў – бул айрықша исбилерменлик руўхын оятыў, инсанның күш-қуўаты ҳәм потенциалын толық әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комплексли экономикалық ҳәм социаллық сиясатты әмелге асырыў, болып есапланады» деп мәмлекетимизде ҳәм социаллық, ҳәм экономикалық тараўда оғада үлкен тийкарғы ўазыйпалар белгиленип атырғанын анық режелер тийкарында көрсетип берди.
Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, қоршаған орталықты қорғаў, мәденият, көркем өнер, киноматография, ағартыўшы бабаларымыздың мийрасын үйрениў сыяқлы мәнаўиятымызды арттырыўға байланыслы мәселелер де кеңнен орын ийеледи, булардың ҳәммеси Миллий тиклениўден – Миллий раўажланыўға қарай алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, Мүрәжатта ҳәр бир халық депутатын және бир мәрте сергекликке шақырды. Неге десеңиз, енди депутатлардың ең төменги буўынын районлық-қалалық Кеңеслериниң ўәкилликлери кеңейип, статусы көтериледи, олардың халық алдында, ҳәм абырайы, ҳәм жуўапкершилиги артады.
Президентимиз парламент алдына қойып атырған ҳәр бир ўазыйпа биз Сенаторларды депутатлар менен бирге ислесиўди және де күшейтиўимиз керек екенлигин талап етеди. Халықтың арасында болыў, ҳәр бир шаңарақтың тыныш-татыўлығы, перзентлердиң тәрбиясы, ҳәр бир пуқараның мүрәжатын терең үйрениў, ҳәр бир депутаттың ең әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады.
Мүрәжат бойынша өз пикирлеримди жуўмақлар екенмен, Мәмлекетимиз басшысының усы сөзлерин келтирип өтпеўдиң ҳеш илажы жоқ «Әмелий нәтийже менен беккемленген, өз жемисин, өнимин берип атырған реформа адамлардың кеўлине, жүрегине тез кирип барады. Ҳәм бундай реформаны, бундай жедел процесси ҳеш ким, ҳеш қандай күш, тоқтата алмайды…»
Ўатанның раўажланыўы, халықтың абаданлығы ушын алдымызда қойылып атырған бундай абырайлы ўазыйпаларды орынлаўда, әлбетте, биз Сенаторлар, депутатлар Президентимизге қолқанат болып халықтың арасына көбирек кирип барыўымыз керек. Ҳәр бир мәҳәллеге, ҳәр бир шаңараққа еткен сапарымыз, сайлаўшылар менен ҳәр бир ушырасыўымыздың нәтийжесинде, әлбетте, Президентимиздиң атап өткениндей, халқымыздың разылығы ушын хызмет етиўге ерисемиз, барлық реже ҳәм бағдарламаларымызды мине усындай ийгиликли жумыслар ушын жумсаймыз.
Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының ағзасы,
«Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги