Пуқаралық мәселелерине байланыслы нызамшылықты жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында гезектеги әҳмийетли қәдем таслаў кереклигин турмыстың өзи талап етпекте.

Атап айтқанда, елимизде узақ ўақыттан берли жасап киятырған, бирақ Өзбекстан пуқарасы деген ҳуқықый статусқа ийе бола алмай атырған мыңлаған жерлеслеримиздиң усы машқаласын нызамлы түрде шешиў бойынша шөлкемлестириў-ҳуқықый илажларды көриў ўақты келди, деп ойлайман.

1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм соннан берли жасап киятырған адамларға Өзбекстан Республикасының пуқаралығы автоматластырылған тәризде берилиўи керек.

Бул арқалы 50 мыңға шамалас жерлеслеримиздиң пуқаралық пенен байланыслы узақ жыллардан берли шешилмей киятырған машқалалары шешимин табады, – деди Президент.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги