2020-жыл 18-январь күни Ташкент қаласында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы сиясий кеңесиниң мәжилиси болып өтти.

«ӨзЛиДеП» сиясий кеңеси атқарыў комитетиниң баслығы Актам Хаитов 2019-жыл 22-декабрь ҳәм 2020-жыл 5-январь күнлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына және халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине болып өткен сайлаўларда партия табыслы қатнасқанын атап өтти. Партия сайлаў жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасында 53 депутатлық орынды ийелеп, парламенттеги ең ири фракцияны қурады.

Тийкарғы нызамымызға бола Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кандидатурасы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық паалатасына сайлаўда ең көп депутатлық орынларды алған сиясий партия тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентине көрип шығыў ушын усынылады. Мәжилисте Конституциямыздың 98-статьясына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасын көрсетиў мәселеси сиясий кеңес ағзалары тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәжилисте шығып сөйлеген партия белсендилери Л.Муратова, В.Пак, О.Отахонова, Р.Кушербаев, Д.Каттахонова ҳәм басқалар Бас министр лаўазымына 2016-жылдың декабрь айынан Өзбекстан Республикасының Бас министри лаўазымында ислеп киятырған «ӨзЛиДеП» сиясий кеңеси ағзасы А.Ариповтың кандидатурасын көрип шығыўды усыныс етти. Талабан үлкен тәжирийбеге ийе екенин, оның басшылығында Ҳүкимет Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен белгилеп берилген кең көлемли реформалар ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда сезилерли табысларға ерискенин атап өтти.

Бас министр лаўазымына талабан А.Арипов мәжилис қатнасыўышларының итибарына Президентимиз тәрепинен белгиленген тийкарғы ўазыйпалар ҳәм Өзбекстан Либерал-демократиялық паартиясының сайлаўалды бағдарламасынан келип шығатуғын тийкарғы ҳәм әҳмийетли бағдарларды усынды.

Талабан усынған Президентимиз тәрепинен белгиленген тийкарғы ўазыйпалар ҳәм Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының сайлаўалды бағдарламасынан келип шығатуғын тийкарғы ҳәм әҳмийетли бағдарлар қоллап-қуўатланды ҳәм тастыйықланды.

Додалаўлар нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Бас министр лаўазымына Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымында ислеп киятырған А.Ариповтың кандидатурасын усыныў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Мәжилисте Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы сиясий кеңеси ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды.

 

ӨзА