Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева 16-январь күни Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша регионаллық вице-президенти Сирил Мюллер басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Сөйлесиўде Өзбекстанның Жәҳән банки менен бирге ислесиў перспективалары ҳаққында пикир алысылды. Миллий экономиканы буннан былай да еркинлестириўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бағдарында Жәҳән банкиниң жаңа парламент, соның ишинде, Олий Мажлис Сенаты менен бирге ислесиўге таяр екенлиги билдирилди.

Сирил Мюллер Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында демократиялық жаңаланыў бойынша мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берип, Уллы Британияның «The Economist» журналы 2019-жылы Өзбекстанды «Жыл мәмлекети» деп жәриялағаны менен қутлықлады.

Сөйлесиў ўақтында Жәҳән банкиниң мәмлекетимиз экономикасына инвестицияларды тартыў, соның ишинде, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы жойбарларды қаржыландырыў, санлы экономика бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў, инновацияларды енгизиў ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан менен бирге ислесиўди даўам еттиретуғыны атап өтилди.

Жәҳән банки Олий Мажлис Сенатының аўыллық жерлерде ҳаял-қызлардың исбилерменлигин қаржыландырыў, үй мийнети менен шуғылланатуғын ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў бойынша басламаны қоллап-қуўатлағаны атап өтилди. Бул жойбар «ДжейЭсДиЭф» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылады.

Жәҳән банкиниң делегациясы, сондай-ақ, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Транспорт министрлигиниң жуўапкерлери менен де сөйлесиўлер өткерди.

С.РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы