Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарарында белгилеп берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде республикамызда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усындай илажлар тийкарында Қоңырат районында 61 интакер шарўашылықты раўажландырыў бойынша басламаға қосылған еди.

– Бул жойбарлардың он жетиси 3085 бас қара мал, отыз тоғызы 11 115 бас қой-ешки, төртеўи 255 бас түйе ҳәм жылқы алыўды режелестирген. Биреўи гөш ҳәм сүтти қайта ислеў ҳәм аралас жем өндирисин жолға қойыў бойынша баслама менен шықты,-дейди Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары Р.Шербаев. – Қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районда турақлы түрде жумыс алып барыўшы штаб дүзилди. Бүгинги күнде қара малларға зооветеринариялық сервис хызметлерин көрсетиў системасын және де жақсылаў ҳәм сыйырларды жасалма нәсиллендириў жумысларын шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.

Бул ушын ислеп турған участкаларға қосымша түрде жети жерде, атап айтқанда, Өрнек, Хорезм, Қоңырат, Әжинияз, Рәўшан, Сүўенли ҳәм Қыпшақ АПЖларда жаңадан жер участкалары ажыратылды.

«Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» ППЖ аймақларында 9 жер асты қудығын қазыў режелестирилип, бүгинги күнде тийисли орынлар белгиленди.

Районда шарўашылықты раўажландырыў бойынша қабыл етилген 61 жойбардың 46 жойбары бойынша район ҳәкиминиң қарары қабыл етилди ҳәм оған тийкарланып усы жойбарлардың интакерлерине 5643,8 гектар жер ажыратылды. Соның 1559,1 гектары егислик, 4084,7 гектары жайлаў ушын арналған жерлер болып есапланады. Қалған 15 жойбар бойынша интакерлерге жер бериў мәселелери көрип шығылмақта.

Сондай-ақ, районда жәми 12 шарўашылық комплексин иске түсириў режелестирилмекте. Соннан бир шарўашылық комплексиниң қурылысы баслап жиберилди.

– Фермер хожалығымызға жәми 901,1 гектар жер ажыратылды. Соның 171,1 гектары егислик,  730 гектары жайлаў ушын ажыратылып, ҳәзирги ўақытта жерлердиң шорын жуўыў жумыслары даўам етпекте,-дейди «Ербол Шарўа» фермер хожалығының баслығы Қ.Шүкириллаева. – Ҳәзирги ўақытта Россияның Татарстан Республикасы менен шәртнама дүзип нәсилли маллар алып келиў алдында турыппыз.

Бул бағдарлдағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.