Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жылда Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Японияға жоқары дәрежедеги сапар етиўлери жуўмағында ерисилген келисимлердиң әмелге асырыўлыўын додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

БАӘ ҳәм Япония – үлкен инвестициялық имканиятларға ийе, жедел раўажланыў, модернизация ҳәм алдынғы технологияларды нәтийжели енгизиўде, диверсификацияласқан ҳәм турақлы экономиканы қәлиплестириўге хызмет ететуғын кең көлемли инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда үлкен тәжирибийге ийе мәмлекетлер.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл  24-26-март күнлери БАӘ ҳәм 17-20-декабрь күнлери Японияға рәсмий сапарлары еки тәреплеме бирге ислесиўлер тарийхында жаңа бетлерди ашты.

БАӘ ҳәм Япониядағы шериклер менен дослық ҳәм конструктивлик рухта өткен нәтийжели сойлесиўлер ҳәм илажлар жоқары дәрежедеги қарым-қатнас және де қоллап-қуўатлаўныўының әҳмийетли екенлиги, бул мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўде шешиўши фактор екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

Сапар етиўлер жуўмағында ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық салмақлы ҳүжжетлер топламына, сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық келисимлерге қол қойылды. Атап айтқанда, Бирлескен Араб Әмирликлери менен улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам, Япония менен болса 6,6 миллиард доллардан  зыят қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Соның ишинде, энергетика, инфраструктураны раўажландырыў, нефть-газ, химия ҳәм нефть-химия, машина қурылысы, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты, туризм ҳәм басқа да тараўларда бир қатар жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Мәжилисте БАӘ компаниялары менен ерисилген келисимлер бүгин өз нәтийжесин берип атырғанлығы атап өтилди. Мысал ушын, «Масдар» компаниясы Өзбекстанда қуяш электр станциясы қурылысына 100 миллион доллар инвестиция киргизбекте. 2019-жылы октябрь айында қуяш энергетикасында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инвестицияларды тартыў бойынша елимиз тарийхында биринши мәрте өткерилген ашық тендерде усы компания жеңимпаз деп табылды. Қурылыс жумыслары 2020-жылдың биринши шерегинде басланыўы күтилмекте.

Усындай унамлы нәтийжелер БАӘ және Япония қатнасындағы басқа да көплеген жойбарларда бақланбақта.

Атап айтқанда, БАӘ қатнасыўында 1 миллиард долларлық капиталға ийе «The Abu Dhabi Uzbek Fund» инвестиция фонды шөлкемлестирилди. Бүгинги күнге келип усы қор қаржылары есабынан киши ҳәм өрта жойбарларды, сондай-ақ, Самарқанд қаласында мийманхана қурыў, Hyatt Regency Tashkent мийманханасы меншиклестирилиўин қаржыландырыў мақулланды.

Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (ЛСА) қаржыларын тартқан ҳалда Республикалық қәнигелестирилген неврология ҳәм инсульт илимий-әмелий медицина орайын қурыў ҳәм үскенелеў жойбары әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) кредит қаржылары есабынан «Мағлыўматларды сақлаў ҳәм оларды қайта ислеў орайларын (дата-орайлар) шөлкемлестириў», «Пакетли коммутация халықаралық орайларын кеңейтиў», «Телекоммуникация транспорт тармағын ҳәм мағлыўматларды жеткериў тармағын кеңейтиў», «Радио тармақты модернизациялаў» жойбарларын әмелге асырыў ушын 180 миллион доллар қаржыны тартыў режелестирилген.

Соның менен бир қатарда, япониялы қәниге Эцуаки Ёшида Өзбекстан Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигинде министрдиң кеңесгөйи сыпатында жумыс баслады. Ол МКТ тараўындағы кәрханаларды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жаңалаў бағдарламасын әмелге асырыў ушын сырт ел инвестицияларын ҳәм кредит линияларын тартыў мәселелери менен шуғылланады. Өзбекстан Республикасының Япониядағы елшиханасында билимлендириў, илим ҳәм инновациялар бойынша кеңесгөй-ўәкил және жеке-меншик бизнес пенен ислесиў бойынша кеңесгөй лаўазымлары енгизилди.

Президент Шавкат Мирзиёев мәжилисте сапар етиўлердиң нәтийжеси бойынша ислеп шығылған «жол картасы»на муўапық 2020-жыл ушын белгиленген илажлардың толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыўға хызмет ететуғын жойбарларды өз ўақытында ҳәм сапалы әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги басшыларының есабаты тыңланды, анық илажлар белгиленди.

Сондай-ақ, экспортты алдын ала қаржылындырыўды кеңейтиў, инвестиция орталығын жақсылаў, санаат тармақлары ҳәм перспективалы жойбарларға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўда мәнзилли қатнас жасаўды әмелге асырыў мәселелери додаланды ҳәм усыныслар ислеп шығылды.

ӨзА