Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Кодексине қосымшалар киргизиледи. Бул ҳаққындағы тийисли ҳүжжет жойбары додалаў ушын жәрияланды, деп жазады kun.uz сайты.

Ҳүжжетке бола, Өзбекстан Республикасының 1994-жыл 22-сентябрьде қабыл етилген 2015-XII-санлы Нызамы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине төмендеги қосымшалар киргизиледи:

Төмендеги мазмундағы 197-5-статья менен толықтырылады:

197-5-статья. Журналистлик жумысқа араласыў ҳәм тосқынлық етиў.

Журналистлик жумысқа араласыў ҳәм тосқынлық етиў, журналистти мәлимлеме тарқатыў ямаса тарқатыўдан бас тартыўға мәжбүрлеў, акрредитациялаўдан тийкарсыз түрде бас тартыў ямаса аккредитацияны орынсыз бийкар етиў, журналисттиң сораў менен мүрәжат етиў ҳәм зәрүр мәлимлемени алыў ҳуқықын бузыў, журналисттиң материалларын ҳәм зәрүр техника қуралларын нызамға қайшы түрде алып қойыў базалық есаплаў муғдарының еки есесинен бес есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги