2019-жыл 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге өткерилген сайлаўлардың нәтийжеси бойынша ӨзМТДПдан Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 2, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 14, район (қала)лық Кеңеслерге 96 талабан депутатлыққа сайланды.

Өткен сайлаўлар бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатларымыз өзлериниң бир қатар пикирлерин билдирип өтти.

 

Зумрад Бекатова, 4-санлы «Әмиўдәрья» сайлаў округинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына сайланған депутат:

 

 

– Бул ретки сайлаўлардағы ең әҳмийетли өзгерислердиң бири онда ҳаял-қызлардың сезилерли дәрежеде белсендилик көрсеткени болды. Яғный, болып өткен сайлаўларда Қарақалпақстан Республикасы бойынша партиямыздан жәми 112 депутат сайланған болса, соның 41Ө ин ҳаял-қызлар қурады.

Буның әҳмийети жүдә үлкен. Cебеби, бүгинги күнде мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында ҳаял-қызлардың ролин арттырыў бойынша оғада үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, олардың мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысында толық қатнасыўына ерисиў, гендер теңлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған реформалар себепли ҳаял-қызлардың жәмийетимиздеги роли күн сайын артып бармақта.

Булардың барлығы Президентимиздиң қайта-қайта тәкирарлап киятырғанҮ «Ҳәзирги күнде ҳаял-қызлар демократиялық процесслердиң бақлаўшысы емес, ал белсенди ҳәм интакер қатнасыўшысы болыўы шәрт» деген сөзлери әмелде өзин дәлийллеп атырғанлығын тастыйықлайды.

 

Тәжибай Романов, 39-санлы «Айбек» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына сайланған депутат:

 

 

–  Быйылғы сайлаўлар сиясий партиялар, сайлаўшылар ушын да өзине тән демократия мектеби болды, десек қәтелеспеген боламыз. Себеби, ҳәр бир партия сайлаў арқалы өз тәрепдарларын анық билип алды. Ким оған даўыс береди, ким оның идеяларын қоллап-қуўатлайды – булардың барлығын әмелде көрип, тийисли жуўмақ шығарады. Бул болса,  партиялардың сайлаўалды бағдарламасы ҳәм үгит-нәсият жумысларына тиккелей байланыслы екенин турмыстың өзи анық көрсетип берди.

Сайлаў нызамшылығының жетилистирилгени, сиясий партияларға үгит-нәсият жумысларын алып барыўда жаңаша сиясий технологиялардан пайдаланыў имканияты жаратылғаны, сайлаў әмелиятына заманагөй мәлимлеме технологиялары кең түрде кирип барып, сайлаўшылардың жылдан-жылға сайлаў процесине деген талапшаңлығы артып атырғаны –  реформалардың дурыс ҳәм нәтийжели алып барылып атырғанлығын аңлатады. Буны халқымыз, сондай-ақ, сайлаў процесслерин тиккелей бақлап барған бир қатар шет ел бақлаўшылары, халықаралық экспертлер де атап өтти.

Ендиги ўазыйпамыз – халықтың исенимин ақлаў болып есапланады.

Узақбай Утегенов, 2-санлы «Б.Айназаров» сайлаў округинен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлығына сайланған депутат:

 

 

— Быйылғы сайлаўлар сиясий партиялар ушын ҳақыйқый мәниде сынақ ўазыйпасын атқарды. Сайлаўшы бес жыл алдынғы сайлаўшы емеслиги, бүгин адамлардың санасы, дүньяға көзқарасы улыўма өзгергени, талабанларға талапшаңлығы артқанын көрдик. Ўәкиллик уйымы, оның ўазыйпалары нелерден ибаратЎ — булардың барлығын бүгин халқымыз жүдә жақсы түсинип жетпекте.

Және бир жаңалық, тек ғана Олий Мажлис Нызамшылық палатасына емес, ал, жергиликли кеңеслердиң депутатлығына сайлаўға да қызығыў ҳәм итибар сезилерли дәрежеде артқаны көринди. Себеби, Президентимиздиң басламасы менен парламентимиз қатарында жергиликли Кеңеслерге де жүдә үлкен ўәкилликлер берилди. Жергиликли Кеңеслер аймақлардың бюджетин тастыйықлаў ҳуқықына ийе болды. Сондай-ақ, усы сайлаўларда анық көзге тасланған жақсы өзгерислердиң бири сайлаў процесинде волонтёрлардың көп қатнасқаны, халықаралық бақлаўшылар, әсиресе, сиясий партиялардың бақлаўшыларының сайлаў участкаларында белсендилик көрсеткени менен байланыслы. Бул сайлаў әмелиятымызға жаңа мазмун киргизди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.