Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2019-жылдың 20-21-август күнлери республикамызға болған сапары даўамында ҳәр бир район ҳәм қаланың өзине тән тәреплери менен имканиятларынан келип шығып, оларды ҳәр қыйлы тараўларға қәнигелестириў бойынша усыныс билдирген еди. Ал, 7-ноябрь күни Президентимиздиң Бозатаў, Тахтакөпир, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында шарўашылықты раўажландырыў арқалы жумыс орынларын, халықтың дәраматын көбейтиўге қаратылған «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Президентимиздиң қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссия жумыс баслады. Бүгинги күнде усы комиссияның усынысына тийкарланып шарўашылық жумысы менен шуғылланыў тилегин билдирген жойбар интакерлерине қара малларды санаат усылында бағыўға суўғарылатуғын жерлер ҳәм оларды жайыў ушын пишензарлар ҳәм жайлаўлар, сондай-ақ, шарўашылық комплекслери, шарўашылық өнимлерин қайта ислеў, от-жем ислеп шығарыў мақсетинде имарат ҳәм объектлерди қурыў ушын аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер участкасы ямаса зүрәәтлилиги төмен суўғарылатуғын жер участкалары, бурынғысынан басқаша тәризде, таңлаў ҳәм аукцион өткерилместен ажыратып берилмекте. Бунда жердиң өнимдарлық дәрежеси ҳәм шөлкемлестирилетуғын шарўашылық хожалығының бас саны есапқа алынады. Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсация ҳәм кепиллик бериледи.
-Шарўашылық комплексин қурыў ушын «Көксуў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10 гектар, от-жем егинлерин егиў ушын мың гектарға шамалас жер алдым. Маған шарўашылықты раўажландырыў бойынша комиссияның усынысы тийкарында жер, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсациясы ҳәм кепиллик ушын 50 процентлик жеңиллик пенен кредит берилди, – дейди Бозатаў районынан жойбар интакери Қуралбай Әбдираманов. – Енди исеним менен бул жерлерде егислик жумысларына таярлық ҳәм комплекстиң қурылысын алып бармақтамыз. Жәми мың бас малды бағыўға мөлшерленген «Bozataw semental» жуўапкершилиги шекленген жәмийетимизге усы жылдың сентябрь айында дәслепки 300 қарамал алып келинеди. Биз Германия мәмлекетиниң нәсилли қара малларын жеткерип беретуғын кәрхана менен байланысты жолға қойдық. Енди малларды алып келиў жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Жойбарымыз толық иске түссе 40 адам турақлы жумыс орнына ийе болады.
Шарўашылыққа қәнигелестирилген республикамыздың усы төрт районында нырқы 277 миллиард 292 миллион сумлық 210 жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген болып, нәтийжеде 27 мың 150 бас қара маллардың алып келиниўи күтилмекте. Жойбарлардың дерлик 84 проценти банк кредитлери есабынан әмелге асырылады. Азия раўажланыў банкиниң қатнасында Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги тәрепинен 274 миллиард 72 миллион сум, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде болса, 3 миллиард 220 миллион сум қаржы ажыратылыўы белгиленген.
Районларда қарамал, қой ҳәм ешки бағыўды, түйешилик пенен жылқышылықты раўажландырыўға қаратылған жойбарлар:
Соннан Бозатаў районында шарўашылық тараўы бойынша 45 интакер жәми баҳасы 83 миллиард 865,9 миллион сум, соның дерлик 72 миллиард сумы банк кредити есабынан болған шарўашылықты раўажландырыў бойынша басламаға қосылды. Соннан 81 миллиард 326 миллион сум қара мал бағыўды, 1 миллиард 713 миллион сум қой ҳәм ешки бағыўды раўажландырыўға қаратылған.
-Елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға қолайлы орталық жаратыў, жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў, усының есабынан халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып табылады, – дейди Бозатаў районы ҳәкиминиң Экономика ҳәм исбилерменлик бойынша биринши орынбасары Дәнебай Каипов. – Бул бағдарда Президентимиздиң шарўашылыққа байланыслы қарары да әҳмийетли тийкар болып табылады. Себеби, усы ҳүжжет тийкарында районымыздың өзине тән тәрепи итибарға алынған ҳалда, аймақта шарўашылық жумысы менен шуғылланыў нийетин билдирген жойбар интакерлери ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, оларға зәрүрли шараятлар жаратып берилмекте.
Интакерлерге азықлық бирликлер ушын егислик майданлар ҳәм олардың жайлаў жерлери ушын белгиленген нормативтеги жерлер нызамлы түрде берилмекте. Шарўа комплекслериниң қурылыс жумыслары баслап жиберилген болып, бул жерлерде сырт еллерден алып келинетуғын қара малларды бағыўға мөлшерленип халықаралық стандартларға сай шараятлар жаратылады. Алдыңғы ўақытларда қара маллардың қыс мәўсимине, жергиликли шараятымызға шыдамлылығын арттырыў мақсетинде маллар алып келинетуғын мәмлекетлерде карантин, ал, республикамызда қара малларға тийисли шаншыў жумыслары әмелге асырылады. Шарўашылықтың ажыралмас бөлеги болған суў менен тәмийинлеў жумыслары да қызғын алып барылып, районда қудық қазыў ушын «Көксуў» ҳәм «Шахаман» аўыл пуқаралар жыйынларында орынлар ажыратылды.
Бүгинги күни Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген талаплардың орынланыўы бойынша жумыслар жеделлесип, Қарақалпақстан шарўашылық ассоциациясы шөлкемлестирилди, Қоңырат районында Шарўашылық кооперациясының қурылысы басланды, «Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында заманагөй аўыл хожалығы илимий-техникалық паркин, соның ишинде, 20 мың бас қара малға мөлшерленген шарўашылық кластерин шөлкемлестириў» жойбары әмелге асырылмақта. Қарар тийкарында шарўашылықты раўажландырыў бойынша басқа да жойбарлар көрип шығылмақта.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.