Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4512-санлы қарары бойынша Мойнақ районынан 53 интакер мал шарўашылығын раўажландырыўға бағдарланған 42 миллиард 462,5 миллион сумлық жойбар менен қатнаспақта.
– Соның 39 миллиард 975 миллион сумлық жумыслары банк кредитлери есабынан әмелге асырылыўы режелестирилмекте,-дейди район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Жадигеров. – Жойбар бойынша 1645 ири қарамал алып келинеди.
Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилип атырған бул жумыслар район халқының азық-аўқат, гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлениўи, экпортқа шығарыў арқалы валюта түсиминиң көбейиўине кең мүмкиншилик жаратады.
Бүгинги күни интакерлердиң барлығы коммерциялық банклерге жеңиллетилген кредит алыў ушын ҳүжжетлерин тапсырды.
Ҳәзирги күнде оларға берилген жерлердиң шорын жуўыў жумыслары әмелге асырылмақта. Сырт еллер менен өнимлердиң экспорты бойынша шәртнама дүзиў бойынша сөйлесиўлер жүргизилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.