БИРГЕ ИСЛЕСИЎ  

 

 

Усы жыл 9-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Қытайдың «Kaiteng Investment Group» Тяньцзинь инвестициялық корпорациясының президенти Би Лянь басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманларды үлкемизге сапары менен қутлықлап, елимизде инвесторларға жаратылған шараятларға ҳәм олар менен биргеликте алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

 

 

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң  2019 жыл  7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары аймағымызда шарўашылықты раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды. Қарар тийкарында шарўашылық кластерин шөлкемлестириў бойынша қытайлы инвесторлар менен бир қатар жойбарлар көрип шығылмақта. Өзбекстанның  Қытай  Халық Республикасындағы елшиханасы, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң басламасы менен «Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында заманагөй аўыл хожалығы илимий техникалық паркин, соның ишинде, 20 мың бас қара малға мөлшерленген шарўашылық кластерин шөлкемлестириў» жойбарын әмелге асырыў режелестирилмекте. Ушырасыўда усы жойбардан гөзленген мақсет ҳәм оны әмелге асырыў перспективалары додаланды.

Буннан тысқары жойбарда «Нөкис» еркин экономикалық зонасы аймағында қара маллар ушын аралас от-жем ислеп шығарыў фабрикасын ҳәм ветеринария бойынша илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта. Жойбарды әмелге асырыў барысында улыўма баҳасы 90 миллион долларлық тиккелей инвестиция киргизиў күтилмекте. Бул қаржыларды өзлестириў ҳәм қурылыс жумыслары усы жылдың март айында басланады. Ушырасыўда «Чжунтянь» заманагөй аўыл хожалығы илимий-техникалық парки жойбарының бас илимий хызметкери Ван Вэньцзе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының шарўашылық бойынша мәсләҳәтшиси етип тайынланды.

 

 

Усы күни «Kaiteng Investment Group» Тяньцзинь инвестициялық корпорациясының Нөкис қаласында компаниясы шөлкемлестирилди ҳәм «Халық банки»нен есап бети ашылды. Мийманлар «Panaev Farms» фермер хожалығының Нөкис қаласындағы сыңар кәрханасы-«Pana Milk» мини сүт заводының жумыслары менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.