Қарар ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4512-санлы қарарында белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўы 30-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Шарўашылықты раўажландырыў бойынша комиссиясының мәжилисинде додаланып, сын пикирлер билдирилген еди.

Соның ишинде, Тахтакөпир, Бозатаў, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында тастыйықланған 210 жойбардың интакерлери тәрепинен кредит алыў мәселеси бойынша коммерциялық банклерге ҳүжжетлер тапсырылыўы орынланбағанлығы атап өтилди.

Бүгинги күни усы қарарда көрсетилген талаплардың орынланыўы бойынша жумыслар жеделлесип, дәслепки нәтийжелер көзге тасланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде усы қарардың орынланыўы бойынша дүзилген штаб тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күни Қоңырат, Тахтакөпир, Мойнақ ҳәм Бозатаў районларынан 210 интакер коммерциялық банклерге жеңиллетилген кредит алыў ушын ҳүжжетлерин тапсырды.

– Соннан Қоңырат районында шарўашылық тараўы бойынша 61 интакер жәми баҳасы 81 миллиард 933,9 миллион сумлық банк кредити есабынан шарўашылықты раўажландырыў бойынша басламаға қосылды. Бул жойбарлардың жәми баҳасы 105 миллиард  494,5 миллион сумға тең,-дейди Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары Р.Шербаев.

Соның он жетиси 3085 бас қара мал, отыз тоғызы 11 115 бас қой-ешки, төртеўи 255 бас түйе ҳәм жылқы алыўды режелестирген. Биреўи гөш ҳәм сүтти қайта ислеў ҳәм аралас жем өндирисин жолға қойыў бойынша баслама менен шықты.

Ҳәзирги күнге келип райондағы 61 жойбар интакерлерине жер ажыратыў жумыслары даўам етип, алынған жерлердиң шорын жуўыў жумыслары әмелге асырылмақта. Шет еллер менен өнимлердиң экспорты бойынша шәртнама дүзиў мақсетинде сөйлесиўлер жүргизилмекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.