Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда 288 мәдений мийрас ҳәм зыярат объектлери дизимге алынған. Олардың 131 и археологиялық, 24 и архитектуралық, 88 и монументал объектлер ҳәм 45 и басқа да дыққатқа ылайықлы жерлерден ибарат.

Сондай-ақ, улыўма 31 мийманхана, 4 миллий қараүйлерде шөлкемлестирилген кемпинг ҳәм 12 мийман үйлери, туристлик класстағы 9 автобус, 4 микроавтобус, 28 жол таңламас автотранспортлар келген саяхатшыларға хызмет көрсетпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги