Бүгин, Халықаралық пресс-клубтың Өзбекстанда турақ жай ҳәм коммуналлық тараўдағы реформаларға арналған гезектеги сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында пресс-клубтың Телеграм каналында хабар берилди.

Сессияда сөзге шыққан ӨзР турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри М.Солиевтиң билдириўинше, Өзбекстанда суўдың баҳасы ең арзан болып табылады, яғный 310 сум. Сондай-ақ, Өзбекстан суўдан ең көп пайдаланатуғын мәмлекетлердиң бири.

Министрдиң мәлим етиўинше, Өзбекстанда пайдаланылатуғын барлық түрдеги суўлардың 94,5% и юридикалық тараўға бағдарланатуғын болса (яғный аўыл хожалығы, өндирис ҳәм басқаларға), қалған 5,5% и пуқаралар тәрепинен пайдаланылатуғын суўлар болып табылады.

Өзбекстан пуқараларының 9% и арнаўлы машиналарда жеткерип берилетуғын суўдан пайдаланады. Буған Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана, Қашқадәрья ҳәм басқа ўәлаятлардағы ең шетки аймақларда жасайтуғын пуқаралар киреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.