Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында «Умид» қоры  питкериўшилериниң «Жаңаланып атырған Өзбекстан ушын жаңа әўлад кадрлары» темасында биринши халықаралық конференциясы болып өтти.

«Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен шөлкемлестирилген әнжуманда АҚШ, Уллы Британия, Германия, Канада, Япония, Австралия, Қубла Корея сыяқлы 18 мәмлекеттен келген ҳәм мәмлекетимизде жумыс ислеп атырған 300 ден аслам «Умид» қоры питкериўшиси қатнасты.

Еки күн даўам еткен конференцияда мәмлекетимиз министрликлери менен уйымларында жуўапкер лаўазымларда хызмет етип атырған, сырт мәмлекетлерде ислеп атырған ўатанласлар Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелерин таллады, келешектеги режелердиң нәтийжели орынланыўы бойынша экспертлердиң пикирлери үйренилди, жәмийетте және де демократияластырыў, мәмлекетлик басқарыўды модернизациялаў, базар экономикасы принциплерине тийкарланған реформаларды қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Әнжуманда мийманларға «Жаңаланып атырған Өзбекстан – бүгинги арзыўлар, режелер ҳәм ертеңги перспективалар» темасындағы видеоролик арқалы мәмлекетимизде жүз берип атырған терең ҳәм избе-из өзгерислер, бар имканиятлар, жаратылған шараятлар хаққында мағлыўмат берилди.

Конференцияның жалпы мәжилисинде «Умид» қоры питкериўшилери, бүгинги күнде министрликлерде басшылық лаўазымында жумыс ислеп атырған қәнигелердиң баянатлары тыңланды. Усы баянатлар тийкарында шөлкемлестирилген секция мәжилислеринде мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын әҳмийетли мәселелер Ўатанымыз тәғдирине бийпәрўа болмаған талантлы, тәжирийбели қәнигелер тәрепинен пикирлесиў, сораў-жуўап түринде қызғын додаланды. Бунда тийкарғы итибар мәмлекетти демократиялық жаңалаў ҳәм модернизациялаў, билимлендириў тараўын раўажландырыў, инвестиция орталығын жақсылаў, мәмлекеттиң инновациялық раўажланыў стратегиясы ҳәм оның абзаллықлары, аўыл хожалығына алдынғы технологияларды енгизиў сыяқлы перспективалы бағдарларға қаратылды.

– АҚШтың Миссури штатында 1999-2001-жыллары социалық бағдарлар бойынша магистратура басқышында билим алдым, – дейди Өзбекстанның Түркменстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Акмалжон Қўчқаров. – Өзбекстанға қайтқанымнан соң Сыртқы ислер министрлигинде жумыс басладым. Өткен дәўир ишинде усы системада ислеп, елши дәрежесине шекем көтерилиўге миясар болдым. Тилекке қарсы, өткен жылларда бүрынғы «Умид» қоры питкериўшилерин қоллап-қуўатлаўға системалы түрде қатнас жасалмады. Сонлықтан, сырт елде оқыған жигит-қызлардың көпшилиги Өзбекстанда тайынлы жумыс табалмай және сырт елге шығып кетиўге мәжбур болды.

Кейинги жылларда Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўын түп-тийкарынан раўажландырыў, тәжирийбели кадрларды таярлаў мәселесине итибар қаратылып атыр. «Эл-юрт умиди» қорының жумысы жаңа форма ҳәм мазмунда қайта тикленгени буның дәлили болып есапланады.

Бул процессте тек  ғана жетик қәнигелерди таярлаў емес, ал дүньяның жетекши жоқары оқыў орынларында билим алып, ҳәзир сырт елде ислеп атырған, жүрегинде Ўатанға садықлық сезими толып-тасқан инсанларды елимизге қайтарыў да тийкарғы ўазыйпалардың бирине айланды. Усы мәнисте, бул халықаралық конференцияның өткерилиўи дүньяға белгили ўақыя болып есапланады.

Әнжуманда қатнасыў ушын дуньяның түрли мәмлекетлеринен келген ўатанласларымыз Өзбекстанда министр ямаса басқада көплеген жоқары лаўазымларда хызмет етип атырған «Умид» қоры питкериўшилери менен ушырасты ҳәм олардың көпшилигинде мәмлекетемизде болып атырған өзгерислерди қоллап-қуўатлаў сезими, елимизди раўажландырыўға қаратылған жумысларға үлес қосыў тилеги артты.

Конференицияның екинши күни Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы «Лайнер» дем алыў орнында даўам етти. Бес секция мәжилисинде мәмлекетимизде инвестиция, әдиллик, инновация, билимлендириў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери додаланды. Пикирлесиў, додалаў ҳәм сораў-жуўаплар бирден-бир  – Өзбекстанды және де раўажландырыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, турмыс шараятын жақсылаўға үлесин қосыўдай ийгиликли мақсетлерге қаратылды.

100 ге шамалас қатнасыўшы қатнасқан инвестиция секторы мәжилисинде «Эл-юрт умиди» қоры директорының ўазыйпасын атқарыўшы Адҳам Бекмуродов Өзбекстан билимли жаслардың жаңаша, алдынғы пикир ҳәм идеяларын қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин атап өтти. Сол себепли, бурынғы «Умид» қоры питкериўшилериниң пикир-усынысларына айрықша итибар қаратылатуғынын атап өтти.

Инновациялық раўажланыў министри Иброҳим Абдураҳмонов, халық билимлендириў министри Шерзод Шерматов, аўыл хожалығы министри Жамшид Хўжаевлардың басшылығындағы секция мәжилислери де рәсмийшиликтен жырақ, қызғын өтти. Қатнасыўшылар арасында Уллы Британия, АҚШ, Германия сыяқлы раўажланған мәмлекетлерде билим алған, хәзирги ўақытта сырт елде жасап атырған ўатанласларымыздың белсендилиги сезилип турды. Мәмлекетимизде жүз берип атырған унамлы өзгерислерди қоллап-қуўатлаў сезимин түйе баслаған ўатанласларымыз тәрепинен анық пикир-усыныслар, орны келгенде қарама-қарсы пикирлер билдирилди.

Мәселен, мәмлекетимизде жоқары оқыў орынлары бәсекини күшейтиў зәрүрлиги, жоқары билимлендириў системасында интеграция процесин раўажландырыў, яғный оқыў, қәнигелигин арттырыў ҳәм кәсиплик жумысын қәлиплестириў арасындағы тығыз байланысқа ерисиў, кадрларды дурыс бағдарлаў, аўыл хожалығына заманагөй технологияларды енгизиў арқалы жоқары өнимдарлыққа ерисиў сыяқлы әҳмийетли мәселелерди шешиўге қаратылған пикирлер көпшиликте қызығыўшылық оятты.

– Конференцияда аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша  усынысларымды билдирдим, – дейди Россияның «Caravan Garden» компаниясының бас менеджери Жамшид Абдуллаев. – Компаниямыз Бирлескен Араб Әмирликлерине аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етеди. Енди тиккелей Өзбекстанның сайланған миуўе-овощларын тиккелей экспорт етиўди режелестирип атырмыз. Сондай–ақ, экспорт процесинде пайда болатуғын машқалаларды сапластырыў, тараў бойынша мәлимлеме алмасыў, туқымгершилик, фермер хожалықлары ушын жаңа сорттағы нәллер алып келиў, кластерлерди раўажландырыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алдық.

Конференция қатнасыўшылары тәрепинен исенимли түрде атап өтилгениндей, тәбийғый, экономикалық, тарийхый ҳәм мәдений жақтан жоқары потенциалға ийе Өзбекстан инсан ресурсына оғада бай. Усы потенциал «Умид» қоры питкериўшилерине де тиккелей тийисли. Усы мәнисте, әнжуманнан гөзленген тийкарғы мақсет – «Жаңаланып атырған Өзбекстан ушын жаңа әўлад кадрлары» халықаралық конференциясы билимли, нәўқыран, күшке толған әўлад ўәкиллери арасында турақлы байланыс орнатыў ушын өзине тән платформа жаратыўға ерисилди.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы