2019-жыл 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўлар болып өтти.

«Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткен сайлаўда Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы 150 депутатлық орын ушын бес сиясий партияның 744 талабаны гүрес алып барды.

Кейинги жылларда мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар нәтийжесинде Өзбекстанымыз өз раўажланыўының жаңа, демократиялық басқышына нық қәдем таслады. Экономикамыз раўажланып, адамларымыздың сиясий-ҳуқықый санасы, белсендилиги барған сайын артып бармақта. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында ашық-айдынлық мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Сайлаўлар мәмлекетимизди раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпалардың әмелдеги және бир айқын көриниси болды.

Бул сайлаўлар Өзбекстанда барлық тараўларда, соның ишинде, сиясий-ҳуқықый, социаллық, экономикалық, руўхый-ағартыўшылық бағдарларда әмелге асырылып атырған кең көлемли, жедел реформалардың үзликсиз бөлеги болып есапланады. Быйылғы сайлаўларға таярлық жумыслары буннан еки жыл бурын басланған еди. Сайлаў нызамшылығы түп-тийкарынан жаңаланып, миллий тәжирийбе ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес Сайлаў кодекси қабыл етилди.

Сайлаў кодексинде сайлаў процесиниң қатнасыўшылары, жаңа сайлаўшылар, сиясий партиялар, сайлаў комиссиялары, ғалаба хабар қураллары ҳәм бақлаўшылардың ҳуқықлары менен кепилликлери кеңейтилди. Заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў арқалы сайлаў процесслерин басқарыў системасы жолға қойылды. Сайлаўға таярлық көриў және оны өткериўдиң барлық басқышлары ашық-айдынлық тәризинде өткерилди.

Сайлаўларды абырайлы халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Европа Кеңеси, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Парламентлик Ассамблеясы, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Пүткилжәҳән сайлаў уйымлары ассоциациясы, Түркий тиллес мәмлекетлер кеңеси сыяқлы он халықаралық шөлкемнен ҳәм елиў жаңа мәмлекетлерден 825 халықаралық бақлаўшы ҳәм жергиликли және сырт мәмлекетлердиң ири ғалаба хабар қуралларының 1 мың 155 ўәкиллери тиккелей бақлап барды.

Көп миллионлы сайлаўшылар, сайлаўларға барған халықаралық бақлаўшылар бул сайлаўлар, бәринен бурын, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм жаңа Сайлаў кодексине ҳәм халықаралық стандартларға толық әмел еткен ҳалда өткенин тән алмақта.

Сайлаўлардың өзине тән тәреплеринен және биреўи сайлаўшылардың пуқаралық жуўапкершилиги, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларды ойлаў сезими және де артқанына байланыслы. Быйылғы сайлаўларда сырт елдеги ўатанласларымыз бенен қосып есаплағанда 13 миллион 963 мың 627 сайлаўшы қатнасты ҳәм бул сайлаўшылардың улыўма санының 67,8 процентин қурады.

150 мың сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс бериў имканиятынан пайдаланды. Сайлаўларда сырт елде жасап атырған барлық ўатанласларымыз ушын биринши рет даўыс бериў имканияты жаратылды. Бурынлары тек ғана консуллық ўәкилханаларынан рәсмий дизимнен өткен Өзбекстан пуқаралары ғана сайлаўларда қатнасатуғын еди. Қырққа шамалас мәмлекетте шөлкемлестирилген елиў бес сайлаў участкасында 112 мың 411 сайлаўшы даўыс берди.

2019-жыл 25-декабрь күни Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 125 сайлаў округинен талабанлар Нызамшылық палатасы депутатлығына сайланған деп табылып, дизимге алынды. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан 42, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан 34, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан 20, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан 18, Өзбекстан Экологиялық партиясынан 11 депутатқа Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты статусы берилди.

Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 25-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына депутатлар сайлаў бойынша айырым сайлаў округлеринде қайта даўыс бериўди өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық болса Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 25 сайлаў округинде биринши турда жеңимпазлар анықланбағаны ушын, яғный, бирде-бир талабан сайлаўшылардың 50 процентинен көп даўысты алмағаны себепли усы сайлаў округлеринде даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ең көп даўысларын алған талабанлар арасында қайта даўыс бериўди өткериў 2020-жыл 5-январь күнине белгиленди.

Усы қарарға муўапық, усы жылдың 5-январында мәмлекетимизде шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 25 сайлаў округинен 1 мың 730 сайлаў участкасында қайтадан даўыс бериў өткерилди. Усы сайлаў участкаларында 3 миллион 147 мың 79 пуқара Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимине киргизилген болып, олардан 1 миллион 978 мың 48 и қайтадан даўыс бериўде қатнасты.

Сайлаўшылардың парламентлик сайлаўларда белсене қатнасқаны пуқараларымыздың сиясий-ҳуқықый мәденияты артып, жаңаланып атырған Өзбекстанда жаңа қәлиплестирилип атырған парламентлик сайлаўларына бийпәрўа емес екенин ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли, әдил ҳәм инсанийлық сиясатты қоллап-қуўатлайтуғынлық және бир дәлийли болды.

Сондай-ақ, халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслерине сайлаў өткеретуғын 95 сайлаў округиндеги 1 мың 104 сайлаў участкасында ҳәм халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў өткеретуғын 587 сайлаў округиндеги 1 мың 117 сайлаў участкасында қайта даўыс бериў болып өтти. Сайлаў кодексиниң 59-статьясына тийкарланып қайта даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың даўысын басқа талабанға салыстырғанда көбирек алған талабан сайланған деп есапланады. Қайта даўыс бериўде сайлаўшылардың қатнасыў проценти есапқа алынбайды.

Қайта даўыс бериў процесин депутатлыққа талабанлар көрсеткен сиясий партиялардан ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан жәми бес мыңнан аслам бақлаўшылар бақлап барды. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен аккредитациядан өткерилген мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм аймақлық журналистлер сайлаўлар процесин белсене сәўлелендирип барды.

Қайта даўыс бериўде қатнасқан 50 талабанның 15 ин Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының ўәкиллери, 11 ин Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының ўәкиллери, 10 нын Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының ўәкиллери, 9 ын Өзбекстан Халық демократиялық партиясының ўәкиллери ҳәм 5 ин Өзбекстан Экологиялық партиясының ўәкиллери, олардың 18 ин ҳаял-қызлар қурады.

Сайлаўдың жуўмақлаўшы нәтийжелерине бола, Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы 53, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы 36, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы 24, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы 22, Өзбекстан Экологиялық партиясы 15 депутатлық орнына ийе болды.

Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасына сайланған 150 депутаттың 48 и ямаса 32 процентин ҳаял-қызлар, 39 ын ямаса 26 процентин алдын да Нызамшылық палатасының депутаты болғанлар қурайды. Депутатлардың 9 ы ямаса 6 проценти 30 жасқа шекемги, 97 си ямаса 65 проценти 30 жастан 50 жасқа шекемги болғанлар ҳәм 44 и ямаса 29 проценти 50 жастан үлкен жастағылар. Ең жас депутат 26 жаста. Ең жасы үлкен депутат 71 жаста.

Өзбек миллетиндеги депутатлар 130 ямаса 87 процент, басқа миллет ўәкиллери 20 ямаса 13 процентти қурайды. Олардан 5 қарақалпақ ҳәм рус миллетиндеги, 3 қазақ ҳәм тәжик миллетиндеги, 2 корейс миллетиндеги ҳәм 1 түркмен менен қырғыз миллетиндеги депутатлар есапланады.

2019-жыл 10-декабрь күни жаңа редакцияда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 6-статьясында Бас министрдиң кандидатурасы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына сайлаўда ең көп депутатлық орынларын алған сиясий партия ямаса тең муғдардағы ең көп депутатлық орынларын қолға киргизген бир неше сиясий партия тәрепинен усынылыўы белгиленген. Усы нызамға муўапық Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Бас министр талабанын көрсетиў ҳуқықына ийе болды.

Сайлаў кодексине муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссияларынан алынған протоколлар тийкарында Нызамшылық палатасына сайланған депутатларды дизимге алады.

Депутат етип сайланған шахслар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған ўақыттан баслап Нызамшылық палатасының депутаты статусына ийе болады. Нызамшылық палатасының депутаты етип сайланған шахслар Орайлық сайлаў комиссиясына Нызамшылық палатасы депутатының статусына туўра келмейтуғын ўазыйпаларды өз мойнынан алып таслағаны  ҳаққында жазба түрде мәлим етиўи шәрт. Нызамшылық палатасы депутатларына Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен он күн ишинде гүўалық ҳәм көкирек белгиси бериледи.

Сондай-ақ, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеси депутатының гүўалығы ҳәм көкирек белгиси ҳаққында үлги реже тастыйықланды.

Депутат гүўалық ҳәм көкирек белгисинен өз ўәкилликлери мүддети даўамында пайдаланады. Депутат өз ўәкилликлерин әмелге асырып атырғанда гүўалығын көрсетип, тийисли ўәлаят, район ҳәм қала аймағында жайласқан кәрханалар, мәкемелер ҳәм басқа да лаўазымлы шахслар тәрепинен жедел қабыл етилиў ҳуқықынан пайдаланады.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы