Арал теңизиниң қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» – қорғаныў тоғайларын пайда етиў жумыслары ушын сексеўил туқымын жыйнаў ҳәм егиў қызғын алып барылмақта.

Мойнақ районы жасларының басламасы менен сексеўил туқымын жыйнаў ушын ҳəмме бирлести. Оған райондағы əскерий хызметкерлер де өз үлеслерин қосты, деп жазбақта район ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги