Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик тоғай хожалығы комитети баслығы У.Утамбетов ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы А.Данияров Қараөзек районы жаслары менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер район жасларын Арал теңизиниң қурғап қалған майданын көклемзарластырыў ҳәм шөлге шыдамлы сексеўил туқымларын егиўге белсене қатнасыўға шақырды. Буннан руўхланған район жаслары усы күнниң өзинде Мойнақ районы аймағындағы Ақбеткей елатына барып, сексеўил туқымларын жыйнаў ҳәм егиў жумысларында пидайылық көрсетти.

Егис жумысларына жәрдемге келген көмекшилерге районлық мәденият бөлими ҳәм Ишки ислер министрлигиниң «Арал жулдызлары» ансамблиниң йошлы концерт бағдарламалары қойып берилди.

2020-жылда Арал теңизиниң курыған ултанында «Жасыл қапламалар» – қорғаныў тоғайлықларын пайда етиў жумыслары ушын сексеўил ҳәм қандым туқымларын жыйнаў және егиў жумыслары қызғын алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги