Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалы 2020-жылдағы оқыўды жаңа имаратта баслады, деп хабар берди филиал баспасөз хаткери З.Хожамуратова.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Нөкис қурылыс колледжиниң имаратлары, әсбап-үскенелери менен биргеликте филиал ийелигине берилди.

Филиал усы күнге шекем ўақытша Нөкис спорт колледжинде жумыс алып барған еди.

Филиалға ажыратылған жаңа имаратта студентлер ушын барлық шараятлар жаратылған. Әҳмийетли тәрепи, жаңа имаратта студентлер турақ жайы да болып, алыс районлар менен қоңсылас ўәлаятлардан келип оқып атырған студентлер ушын қолайлы болды.

Мағлыўмат ушын, Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрьдеги 926-санлы қарары тийкарында шөлкемлестирилген болып, 2019-2020-оқыў жылынан өз жумысын баслады.

Ҳәзирги ўақытта филиалда Зооинженерия: жылқышылық ҳәм түйешилик, балықшылық, Ветеринариялық медицина сыяқлы билимлендириў бағдарларында 120 студент оқып, билим алмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.