Энергетика министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы жылдың 7-8-январь күнлери Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының айырым аймақларында электр энергиясы тәмийнатында қысқа мүддетли үзилислер болады.

220 кВлы «Тақыятас» ыссылық электр станциясынан «Хорезм» подстанциясы арқалы «Сарымай» посёлкасына шекем электр узатыў тармағын қурыў инвестициялық жойбарының әмелге асырылып атырғаны себепли жумысларды қәўипсиз әмелге асырыў мақсетинде қысқа мүддетли үзилислер болады.

Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятларында жасайтуғын халық, социаллық әҳмийетке ийе объектлер, киши ҳәм орта бизнес және санаат кәрханаларын сапалы электр энергиясы менен турақлы түрде тәмийинлеўге хызмет етеди.

Министрлик электр энергиясындағы үзилислер ушын тутыныўшылардан кеширим сораған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.